Самарқандта және бир абырайлы илаж болып өтеди

303

Самарқанд қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң “2030-жылға шекем бес жыл: Турақлы келешек ушын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди жеделлестириў” темасындағы Мәмлекетлик хызмет форумы (UNPSF 2025) өз жумысын баслады.

БМШ Экономикалық ҳәм социаллық мәселелер департаменти (UNDESA), Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги, Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Стратегиялық реформалар агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген форумда Европа, Азия, Латын Америкасы ҳәм Африка мәмлекетлеринен министрлер ҳәм мәмлекетлик хызметке жуўапкер уйымлардың басшылары, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, илимий топарлар, пуқаралық жәмийети, жеке меншик сектор ўәкиллери қатнаспақта.

Әнжуман алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң форум қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева оқып еситтирди.

Қутлықлаўда мәмлекетлик басқарыўда санлы трансформацияны хошаметлеў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң инновациялық шешимлерин қолланыў, мәмлекетлик сектор институтларында нәтийжелиликти кескин арттырыў, лидерлик басқарыў усылын раўажландырыў, үзликсиз билим алыўды кеңейтиў ҳәм болажақ басшылар ушын зәрүр көнликпелерди белгилеў бойынша алдынғы тәжирийбе алмасыў ҳәр қашанғыдан да айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилген. “Мәмлекет – халық ушын” принципине қатаң әмел етип киятырған Жаңа Өзбекстан мәмлекетлик хызмет тараўында глобал өзгерислердиң ажыралмас бөлегине айланып атырғаны айрықша атап өтилген.

Форумның ашылыўында, сондай-ақ, БМШтың Экономикалық ҳәм социаллық мәселелер департаменти бас хаткериниң экономикалық раўажланыў бойынша жәрдемшиси Навид Ҳаниф, Малайзия Бас министриниң орынбасары Фадиллаҳ Юсуф шығып сөйлеп, әнжуман жумысына табыс тиледи.

Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов мәмлекетимизде мәмлекетлик хызметти раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында сөз етти.

– Кейинги бес жылда бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, онлаған жылларға тең жумыслар әмелге асырылды, – деди Ш.Шерматов. – “Санлы ҳүкимет” уйымлараралық интеграция платформасы арқалы 49 мәмлекетлик уйымлардың 390 дан аслам веб-хызметлери әмелге асырылмақта, оларға ҳәр күни 216 дан аслам мәлимлеме системалары жалғанады. Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери 760 тан аслам электрон хызметлерден пайдаланыў имканиятына ийе болып, дизимнен өткен пайдаланыўшылардың саны 11 миллионнан асты. Биз 2030-жылға шекем санлы технологиялар экспортын 5 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткенбиз, усы жылы бул көрсеткиш 1 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Нызам ҳүжжетлери мағлыўматларының миллий базасында кең жәмийетшилик ҳәм профессионал юристлер ушын ашық болған жасалма интеллектке тийкарланған санлы жәрдемши табыслы енгизилди. Раўажланған 208 Мәмлекетлик хызметлер орайлары тармағы республика бойлап ҳәкимшилик хызметлерден оффлайн режимде пайдаланыў имканиятын берди. 2024-жылы Өзбекстан биринши мәрте Электрон ҳүкиметти раўажландырыў рейтингиниң «жүдә жоқары»  дәрежесине ийе мәмлекетлердиң топарына кирди ҳәм GovTech жетиклик индексинде 37 текшеге көтерилип, «А» категориясына кирди.

Өзбекстан санлы технологиялар министри форумның Самарқанд декларациясы ҳаққында мағлыўмат берди ҳәм ол санлы трансформация, инновация ҳәм жаңа технологиялар, исенимли мәмлекетлик басқарыў, инклюзивлик ҳәм технология, киберқәўипсизлик сыяқлы жети мақсеттен ибарат екенин атап өтти. Буннан соң форум секторларда өз жумысын даўам еттирди. Үш күн даўамында конференцияда “Мәмлекетлик басқарыўда инновациялар: нәтийжелилик, ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди арттырыўда санлы қураллар ҳәм жасалма интеллекттиң роли”, “Соңғы миля”ға ерисиў: барлық халыққа хызметлерди кеңейтиў бойынша халықаралық тәжирийбе”, “Реформаларды жеделлестириў: инновациялық лабораториялар арқалы басқарыўды трансформациялаў” темалары додаланады.

– БМШтың Мәмлекетлик хызмет форумы 2003-жылдан берли ҳәр жылы дәстүрий түрде өткериледи ҳәм быйыл биринши мәрте Өзбекстан бул абырайлы әнжуманға басшылық етпекте, – дейди Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги департамент баслығының орынбасары Муҳсина Ҳусанова. – Форумда қатнасыў ушын 70 тен аслам мәмлекеттен ўәкиллер келген, буннан тысқары, көплеген халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм экспертлер қатнаспақта.

Илаж шеңберинде тийкарғы мәжилис ҳәм семинарлар менен бирге министрлер, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен ушырасыўлар, бир қатар презентациялар өткериледи. Мәмлекетимизде БМШтың турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар талланып, тәжирийбе алмасыў да нәзерде тутылған. Форум дәстүрине бола, быйыл электрон ҳүкимет тараўындағы жетискенликлери ушын 12 мәмлекетти UNDESA тәрепинен сыйлықлаў мәресими болады.

– БМШтың мәмлекетлик хызмет форумы бир ямаса бирде-бир мәмлекетте бул бағдарда алып барылып атырған жумысларды таллаўға бағышланбаған, ал турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын дүнья мәмлекетлеринде болып атырған реформалар ҳәм оның нәтийжелерин үйрениў, өз-ара тәжирийбе алмасыўға қаратылған, – дейди Россия Федерациясы Президенти жанындағы Россия халық хожалығы ҳәм мәмлекетлик хызмет академиясының проректоры Андрей Марголин. – Өйткени сизде пикир болса, менде де пикир бар, сизде усыныс болса менде де соған жараса усыныс болыўы мүмкин. Бирақ бүгин Өзбекстанда екенбиз, мәмлекетлик хызмет тараўы бойынша бул мәмлекетте ерисилип атрыған нәтийжелерди тән алыў керек, деп ойлайман.

Усы жерде мен Президенттиң виртуал қабыллаўханасы халық пенен жақыннан пикирлесиўде оғада қолайлы платформа екенин атап өтиўди қәлер едим. Екинши мысал, бир ўақытлары тийкарынан пахта шийки затын сатқан Өзбекстан бүгин өндирис жедел раўажланғаны себепли қоңсы мәмлекетлерден пахта талшығын сатып алып атырғаны. Бул мәмлекетте мәмлекетлик басқарыў дурыс ҳәм нәтийжели жолға қойылғанынан дәрек береди, деп ойлайман.

Форумда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, әсиресе, раўажланып атырған мәмлекетлер арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерден тең ҳәм әдил пайдаланыўды хошаметлеўге қаратылған Самарқанд министрлер декларациясы додаланыўы нәзерде тутылған.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,  ӨзА хабаршысы