Хызмет көрсетиў тараўында ири жойбар иске қосылмақта

Мәмлекетимиз тәрепинен хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў мақсетинде исбилерменлерге көплеген жеңилликлер жаратылған болып, олардың жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Беруний районында баҳасы 5,5 миллиард сумнан аслам болған ири хызмет көрсетиў жойбары әмелге асырылыў алдында тур.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 129-санлы пәрманы менен тастыйықланған тәртипке муўапық, усы жойбар шеңберинде исбилерменге тиккелей жер ажыратылып, қурылыс жумысларын баслаў ушын руқсат берилди. “Шаббоз Инвест” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары бүгинги күнде жедел пәтлерде даўам етпекте.

– Қурылысымыздың дерлик 70 процентин жуўмақладық. Жойбардың толық иске түсирилиўи менен 20 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди. Мәмлекетимизде исбилерменлерге жумыс ислеўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Жаратылған усындай имканиятлар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз, – дейди “Shabboz Инвест” ЖШЖ басшысы О.Султанов.
Жойбардың табыслы әмелге асырылыўы нәтийжесинде тек ғана район аймағында хызмет көрсетиў тараўының раўажланыўы емес, ал жаңа жумыс орынларының жаратылып, жергиликли халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болыўы күтилмекте. Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен берилген жеңилликлер ҳәм қолайлықлар исбилерменлик субъектлериниң жумысын буннан былай да кеңейтиўге хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги