Газди үнемлеў – күнниң талабы

292

Ҳәзирги ўақытта тийисли тараў қәнигелери тәрепинен халық арасында тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, жеке хожалықлардың ысытыў қазанханаларына энергия үнемлеўши газ үскенелерин, яғный горелкаларды орнатыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, газди үнемлеў, артықша техникалық шығынлардың алдын алыў бойынша да хожалықларға орнатылған электрон газ есаплаў үскенелерине регуляторлар орнатылып, оны модернизациялаў жумыслары алып барылмақта.

Быйыл Әмиўдәрья районы аймағындағы 647 хожалықты 3 басқышлы системадан 2 басқышлы системаға өткериў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта аймақларда бул бойынша да жумыслар алып барылмақта. Бүгинги күнге келип 400 ден зыят хожалыққа регуляторлар орнатылды. Жыл ақырына шекем бул жумыслар толық жуўмақланса, 14400 метр куб газдиң үнемлениўине ерисиледи.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде тәбийғый газди үнемлеп пайдаланыў ҳәм ҳәр бир хожалыққа бир тегис жеткерип бериў бойынша кең көлемли илажлар алып барылып атыр екен, ҳәр биримиз тәбийғый ресурсларды үнемлеп, оның ысырап болыўына жол қоймасақ, келешек әўладларымыздың да бул тәбийғый ресурслардан пайдаланыўына тийкар жаратқан боламыз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги