Шымбай жолы бойының да келбети пүткиллей өзгермекте

317

Шынында да Нөкис қаласында ҳәм район орайларында соңғы жылларда бир қатар қири қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, олардың келбети пүткиллей өзгерип бармақта.

Өткер әсирдиң 80-жыллары Нөкис қаласының арқа шети бурынғы арқа автовокзалдың әтирапы болған болса, ҳәзирги ўақытта онлаған шақырым арқа тәрепке кеңейип, қала жаңа көшелер, турақ жайлар менен толысты. Қубла ҳәм шығыс тәрепи бойынша да соны айта аламыз.

Қаланың арқа тәрепиндеги үлкен айланба жолдың Шымбайға кететуғын тәрепи елсиз, қумлақ жерден ибарат далаңлық еди. Ал, ҳәзирги ўақытта бул жерлерге турақ жайлар салынып, ел көшип келип, жолдағы алыс аўыл “Шағал көпир”ге шекем жетейин, деп турыпты.

Ҳәзирги ўақытта, Арқа автовокзалдың қарама-қарсы тәрепинде,  Нөкис – Шымбай 4Р-176 автомобиль жолының бойынан реже бойынша 7 қабатлы 56 квартиралы 5 турақ жай, 5 қабатлы 40 квартиралы 8 турақ жай бой тиклемекте.



Бүгинги күнде бул ири объектлердеги 3-4 турақ жайдың дийўалын өриў жумыслары жуўмақланбақта. Қалғанларының жер орынлары таярланып, тырнағын қуйыў жумыслары алып барылмақта.

  • Жәмийетимиз тәрепинен 5 қабатлы 40 квартиралы бир турақ жайдың қурылыс жумыслары алып барылмақта,-дейди “Нөкис электрострой монтаж” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ис басқарыўшысы Салаўат Акимов. – Қурылыс жумыслары өткен жылы басланған еди. Бүгинги күнге шекем тырнағы қуйылды. Дийўалы өрилмекте. Ҳәзирги ўақытта бесинши қабатының дийўалын өриў менен бир ўақытта, айна-есиклерин де қурып, электр сымларын тартыў ҳәм басқа да ишки жумысларын әмелге асырып атырмыз. Қурылыс жумысларында 35 адам жумыс ислемекте. Олар ушын шараятлар жаратылып, ыссы аўқат пенен тәмийинленбекте.

Қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги