Өзбекстан ҳәм Қытай нефть-газ тараўында келисимге еристи

249

“Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң басшылары ҳәм Қытай Экспорт-импорт банкиниң баслығы Чэнь Хуайюй басшылығындағы делегация арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында “Өзбекнефтьгаз” АЖның ҳәзирги өндирислик жумысы, оның келешектеги раўажланыў режелери ҳәм стратегиялық бағдарлары ҳаққында сөз болды.

Онда тәреплер әмелге асырылып атырған инвестициялық бағдарламалар ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў имканиятларын көрип шықты. Атап айтқанда, Қытай компаниялары менен әмелге асырылып атырған жойбарларды қаржыландырыў, жаңа инвестициялық басламаларды қоллап-қуўатлаў бойынша банк тәрепинен усыныс етилиўи мүмкин болған финанслық механизмлер додаланды.

Сөйлесиўлерде еки тәреп те нефть-газ тараўында өз-ара пайдалы, турақлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў тилегин билдирди.

Буннан соң олар “Өзбекнефтьгаз” АЖ ҳәм Қытай  Экспорт-импорт банки арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойды.

Бул ҳүжжет еки мәмлекет арасындағы энергетика тараўындағы қатнасықлардың жаңа басқышқа көтерилиўинде ҳәм әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

 

Н.ЗИЁДУЛЛАЕВА, ӨзАның хабаршысы