“Made in Uzbekistan” өнимлерине қызығыўшылық артып бармақта

Жақында Аўғанстанның Мозори-Шариф қаласында Өзбекстан электротехника санааты өнимлериниң саўда ярмаркасы болып өтти.
Бул илаж “Өзэлтехсанаат” ассоциациясының басламасы менен шөлкемлестирилген болып, онда елимиздиң жетекши өндирис кәрханалары өз өнимлерин көрсетпекте. Әҳмийетлиси, ярмаркада “Made in Uzbekistan” бренди астында усынылып атырған заманагөй электротехника қураллары, турмыслық техника үскенелери ҳәм инновациялық технологиялық шешимлер жергиликли қарыйдарлар ҳәм исбилерменлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Ярмарка шеңберинде бизнес ушырасыўлар, еки тәреплеме сөйлесиўлер, жаңа экспорт шәртнамаларына қол қойыў ҳәм перспективалы бирге ислесиў жойбарларын додалаў илажлары шөлкемлестирилди.
“Өзэлтехсанаат” ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң басшысы Намоз Толиповтың мәлим етиўинше, усы жыл 17-июнь күни өз жумысын баслаған бул ярмарка тек ғана өнимлеримизди кең аудиторияға таныстырыў емес, ал олардың реал базар талапларына қаншелли сәйкес келетуғынын көрсетиў имканиятын бермекте.

– Аўғанстан базары биз ушын әҳмийетли болып есапланады. Бул жердеги шериклер менен тиккелей байланысларды жолға қойыў, жергиликли исбилерменлер менен исенимли қатнасықлар орнатыў тийкарғы мақсетлеримизден бири. Сондай-ақ, “Made in Uzbekistan” брендин халықаралық дәрежеде және де абырайлы етиў ушын бундай майданлар жүдә нәтийжели. Бул ярмарка жергиликли тутыныўшылардың талап ҳәм мүтәжликлерин тиккелей үйрениў, экспорт потенциалын кеңейтиў, өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бағдарында әҳмийетли қәдем болып есапланады. Илажда қатнасып атырған сырт елли бирге ислесиўшилер, инвесторлар ҳәм исбилерменлер ушын сөйлесиў майданы, өнимлер менен тиккелей танысыў ҳәм келисимлер дүзиў ушын барлық шараятлар жаратылған, – деди Н.Толипов.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы