Ата-аналар ҳәм оқытыўшылардың Брайль жазыўын түсиниўине жәрдем бериўши қосымша жаратылды

212

BrailleRecognition қосымшасы тек ғана көзи әззилер емес, ал олардың әтирапындағы пайдаланыўшылар – ата-ана, оқытыўшы, медицина хызметкерлери ушын да әмелий шешим сыпатында усынылды. Оның жәрдеминде Брайль әлипбесин билмеген инсан да қосымша арқалы көзи әззи баланың жазыўын оқыўы ямаса еситиўи мүмкин.

Бул имканият, бәринен бурын, шаңарақ ағзаларына перзентиниң дәптерин тексериў, педагогларға болса тапсырмаларды баҳалаўда жәрдем береди. Информацияны даўыслы түрде еситиў функциясы болса ҳәр қыйлы жастағы пайдаланыўшылар ушын қолайлық жаратады.

BrailleRecognition жойбары AloqaBank тиң технологиялық ҳәм социаллық басламасы нәтийжеси болып, ол жәмийетте санлы инклюзияны раўажландырыўға хызмет етиўи күтилмекте. Қосымша билимлендириў процесинде теңликти әмелий тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги