Және 16 қабатлы 4 имарат бой тиклемекте

705

Бир неше жыл алдын Нөкис қаласындағы Жеке терек мәкан пуқаралар жыйынында 16 қабатлы 80 квартиралы 5 имарат бой тиклеп, әтирапы абаданластырылып, жаңа инфраструктура жаратылып, көплеген шаңарақлар жаңа қонысына ийе болған еди. Ҳәзирги ўақытта бул жерге олардың көпшилиги көшип келип, ортасы ойнап жүрген балаларға толы қала ишиндеги өз алдына кишкене елатқа айланды.

Жақында бул жерде, яғный, еки ай алдын усы имаратларға қосымша және 16 қабатлы 80 квартиралы 4 имараттың қурылыс жумыслары басланды.

Ҳәзирги ўақытта олардың биреўиниң бетон менен тиклеў жумыслары толық тамамланып, дийўалын газобетон менен өриў, сыртын қаплаў жумыслары алып барылып атырған болса, және бир имараттың бетон менен тиклеў жумыслары 8 қабатқа шекем жеткерилген. Тағы еки имараттың жери таярланып, тырнағын қуйыўға таярлық жумыслары алып барылмақта.

– Бизлер бул жерде 45 адам болып жумыс ислеп атырмыз,-дейди «Декстрой» ашық акционерлик жәмийетиниң ис басқарыўшысы С.Оразбаев. – Жәмийетимиз тәрепинен 3 имаратта жумыс алып барылмақта. Тағы бир имараттың жумыслары «ККRASI BETON» кәрханасы тәрепинен исленбекте.

Бул жердеги қурылысшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Үш мезгил ыссы аўқат, айлықлары өз ўақтында берилип барылмақта.

Қурылыс жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў ушын барынша ҳәрекет етип атырмыз. Қурылыс материаллары өз ўақтында жеткерилип турса, қаржыландырыў үзилиске түспесе, жумыс көлеми белгиленген мүддетлерде орынланады, әлбетте.

Ҳәзирги ўақытта имаратлардың бириниң сегизинши қабатын қуйыў ушын опалубкаларын тақлап таярлап атырмыз.

Қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги