Берунийде Япония тәжирийбеси

582

“Өзагростар холдинг” компаниясы жанындағы “Беруний – Агро Стар” ЖШЖ сырт елдеги  қәнигелер менен бирге ислесиўди жолға қоймақта.

“Беруний – Агро Стар” ЖШЖ ҳәм Японияның Чиба қаласында жайласқан Чиба университетиниң профессоры, жоқары категориялы агроном Тагоши Сатоши менен биргеликте Беруний районындағы қыйтақ жер ийелери менен  дийқан хожалықлары ийелериниң қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.

Семинар даўамында шарўашылық от-жеминде қолланылатуғын сырт ел егинлериниң агротехнологиялары ҳаққында презентация өткерилди.

Онда Японияның  Потето мазалы картошка сортының агротехнологиясы ҳәм оны шарўашылық  азықлығында пайдаланыў жоллары бойынша өз тәжирийбеси менен ортақласты.

Семинар жуўмағында қатнасыўшыларға Потето  картошка сортының нәллери тарқатылды.  Бул сортты Қарақалпақстан шараятында егиў бойынша тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Буннан соң профессор районда егилген егинлерди көзден өткерди. “Тынышлық” АПЖ аймағындағы дийқан фермер Хамит Саманов тәрепинен егилген мәккениң вегетация дәўири менен танысты. Мәккеге төгин бериў бойынша өз тәжирийбесин үйретип, егинлерде қолланыў бойынша усыныслар, сондай-ақ, зыянкеслерден сақлаў жоллары бойынша өз мәсләҳәтин берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги