Жумыслар жедел пәтлерде даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-февральда қабыл етилген “Орайласқан ишимлик суўы тәмийнаты жетип бармаған аўыллық елатлы пунктлерди ишимлик суў менен тәмийинлеў ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў хызметлерин көрсетиў бойынша мәмлекетлик социаллық буйыртпаларды бериў тәртиби ҳаққында”ғы 93-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы қарар ҳәм Министрлер Кабинети Президиумы мәжилисиниң 2024-жыл 13-апрельдеги 32-санлы протоколының 4-қосымшасының 9-бәнтине муўапық, Беруний районындағы “Бийбазар” аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде 1 заманагөй ишимлик суўы объектин қурыў ҳәм 12 км узынлықтағы суў тармақларын тартыў белгиленген. Бул аймақта жәми 271 шаңарақ болып, 1062 пуқара жасайды.
Жойбардың жумысты бөлип алып ислеўшиси – “Бунёдкор Жанубий” суў қурылысы басқармасы. Ҳәзирги ўақытқа шекем улыўма жумыслар көлеминиң 55 проценти орынланды. Атап айтқанда,
Санаат зонасында 2 суў қудығы қазылып, трансформатор үскенелери ҳәм электр бағаналары орнатылды.
Насос станциясы тырнағы бетон қапламалар менен беккемленип, халық жасайтуғын көшелерде 11 техникалық қудық ҳәм 24 өрт қәўипсизлиги гидрантлары орнатылып, жәми 16 941 метр узынлықта суў бөлистириўши қубырлар тартылды ҳәм көплеген шаңарақлар суў менен тәмийинленди.
Сондай-ақ, Әмиўдәрья районында жайласқан “Холимбег” аўыл пуқаралар жыйынында да мәмлекетлик социаллық буйыртпа тийкарында жойбар әмелге асырылмақта. Бул жердеги жойбар шеңберинде 1 ишимлик суўы объектин қурыў ҳәм 10 км узынлықтағы суў тармағын тартыў белгиленген. Аймақта жәми 350 шаңарақта 1820 халық жасайды.
Бул жойбар бойынша да жумыслар жедел пәтлерде алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем 62 процент жумыслар орынланған. Соннан,
Санаат зонасында 2 суў қудығы қазылып, халық жасайтуғын көшелерде 11 техникалық қудық ҳәм 30 өрт қәўипсизлиги гидрантлары орнатылды.
190 нан аслам шаңараққа жәми 19 000 метрден аслам ишимлик суўы қубырлары тартылып, сапалы суў тәмийнаты жолға қойылды.

Усындай жумыслардың нәтийжесинде Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларындағы аўыл пуқаралар жыйынларының халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, санитариялық-эпидемиологиялық турақлылықты қәлиплестириў, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға үлкен үлес қосылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги