Нөкисте мәденият ҳәм көркем өнердиң жаңа орайы бой тиклемекте

Қарақалпақ халқының бийтәкирар тәбияты, әййемги тарийхы ҳәм бай мәденияты ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев: «Қарақалпақ дияры өзиниң дүньяда уқсасы жоқ, қайталанбас көркем өнери менен бәршемизди таң қалдырып келеди. Әсиресе, ата-бабаларымыздан қалған бийбаҳа фольклорлық шығармалары дыққатқа ылайық. Өз журты, өз үлкесинде ата-бабаларының мийрасына ҳәмийше садықлық руўхында жасап атырған мәрт ҳәм мийнеткеш қарақалпақ елиниң беккем еркине тән берип, бундай халық пенен ҳәр қандай мақтансаң арзыйды», – деген еди.
Сонлықтан Журтбасшымыз тәрепинен соңғы жыллары халық хожалығының барлық тараўлары қатарында, Қарақалпақстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, әсирге татырлық ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.
Әсиресе, Президентимиздиң тиккелей ғамқорлығының арқасында, Нөкис қаласында Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп, Өзбекстан мәмлекетлик Мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалының шөлкемлестирилиўи қарақалпақ халқының әййемги мәденияты ҳәм көркем өнерине деген ҳүрметтиң айқын көриниси болды десек асыра айтқан болмаймыз.
-Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәртипте өткерилген 73-мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 5-апрель күнги 186-санлы қарары тийкарында шөлкемлестирилди,-дейди усы филиал директоры Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Шуҳрат» медалының ийеси, профессор Рудакий Алламбаев.- 2021-жылы филиалымызға Профессионал билимлендириў бағдарлары бойынша, көркем өнертаныў, музыка таныў, дирижёрлық (түрлери бойынша), вокаль көркем өнери (түрлери бойынша), сазендешилик (түрлери бойынша) тәлим бағдарлары бойынша 47 жас оқыўға қабылланған болса, 2022-жылы 57 студент, 2024-жылы 61 студент, 2025-жылы 71 студент қабылланды. Ҳәзирги ўақытта филиалымызда 229 студент 65 профессор-оқытыўшылардан заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.
Бирақ, тилекке қарсы, усы жыллар ишинде филиалымыз өз алдына оқыў имаратына ийе емес еди. Сонлықтан дәслепки жыллары филиалымыз профессор-оқытыўшылары өзлериниң сабақларын Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде өтиўге мәжбүр болды.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң арнаўлы қарары тийкарында, өткен жылы Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалының оқыў имараты ушын Нөкис қаласының Бағшылық мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан арнаўлы жер орны ажыратылып, улыўма баҳасы 26 млрд сум болған қурылыс жумыслары басланды.


-Қурылысты өткен жылы август айында баслаған едик,-дейди «Тўпроқ қаъла махсус қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң инженери Жасур Юсупов.-Бүгинги күнге шекем қурылыс оңлаў жумысларының 80 процентин жуўмақладық. Несип етсе, август айының басына қурылыс жумысларын толық жуўмақлап, оқыў имаратын халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырамыз. Бул жумысларды тез арада, сапалы жуўмақлаў ушын жәмийетимиз ағзалары аянбастан хызмет ете береди.
Ҳақыйқатында да, халқымыздың көркем өнер ҳәм мәдениятқа деген ықласы ҳәм ҳүрмети оғада жоқары. Сонлықтан ҳәзирги күнлери жәмийет қурылысшылары Президентимиздиң жас әўладларымызға ислеп атырған ғамқорлығын әмелде көрсетиў мақсетинде, ўақыт пенен санаспастан хызмет етпекте. Бул әлбетте, елимизде Президентимиз басшылығында жүргизилип атырған ири реформалардың айқын бир көриниси болып табылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы