Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Онда басқарма баслығы З.Турдалиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бажыхана нызамшылығындағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар, басқарманың тийкарғы көрсеткишлери бойынша кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған товар-материаллық байлықлардың бажыхана қадағалаўын әмелге асырыў, контрафакт өнимлердиң кирип келиўиниң алдын алыў, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм импортты оптималластырыў бағдарында исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем бериў мақсетинде бажыхана уйымлары тәрепинен кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.
2025-жылдың дәслепки 5 айы даўамында аймақтың сыртқы саўда айланысы 272,2 млн АҚШ долларын қурады.
Есап бериў дәўиринде жәми 116 исбилерменлик субъекти тәрепинен 138,5 миллион АҚШ доллары баҳасындағы товарлардың Түркия, Қазақстан, Россия, Қытай, Латвия, Эстония ҳәм Пакистан сыяқлы дүньяның 35 мәмлекетине экспорты әмелге асырылды.
Экспорт қурамында пластмасса ҳәм резина өнимлери 47,7 (66,1 млн. доллар), тоқымашылық өнимлери 11,4 (15,8 млн. доллар), химия санааты өнимлери 9,4 (12,9 млн. доллар), азық-аўқат өнимлери 8,6 (11,9 млн. доллар), өсимликлер ҳәм олардан алынған өнимлер 8,4 (11,6 млн. доллар), тири ҳайўанлар, бөлеклери ҳәм азықлықлары 5,9 (8,2 млн. доллар) процентти қурайды.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен усы жылдың басынан өткен 5 ай даўамында жәми 133,7 млн. АҚШ доллары баҳасындағы товарлар импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди. Импорт товарлар 278 импортёр кәрханалар тәрепинен дүньяның Қытай, Россия, Япония, Қазақстан, Беларусь, Түркия ҳәм Корея сыяқлы 41 мәмлекетинен алып келинген. Олардан технологиялық үскенелер 28,3 (37,7 млн. доллар), ағаш-тахтай өнимлери 15,1 (20,2 млн. доллар), металл ҳәм металл буйымлар 12,1 (16,1 млн. доллар), азық-аўқатлар 11,1 (14,8 млн. доллар), электротехника ҳәм оның бөлеклери 8,8 (11,8 млн. доллар), химия санааты өнимлери 7,4 (9,8 млн. доллар), жанылғы-энергетика ҳәм нефть өнимлери 5,0 (6,7 млн. доллар), пластмасса ҳәм резина өнимлери 3,6 (4,8 млн доллар) проценттен туўра келди.
Сондай-ақ, 2025-жылдың басынан Бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана уйымларының өз фискал ўазыйпаларын әмелге асырыў шеңберинде бажыхана төлемлеринен 287 млрд. сумлық қаржыларының мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорт көлемин арттырыў ҳәм импортты оптималластырыў бойынша қабыл етилген нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, бажыхана уйымлары тәрепинен 2025-жылдың өткен дәўиринде сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына жәми 182 миллиард 30 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды. Бул алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 9,7 процентке артқанынан дәрек бермекте.
2025-жыл январ-май айлары даўамында қәўипти басқарыў автоматластырылған системасы тәрепинен жәми 9965 бажыхана жүк декларациясы (БЖД) рәсмийлестирилген (бир күнде орташа 80). Коридорлар кесиминдеги анализине қаралғанда, олар “жасыл” коридор арқалы 5657 (56,8%), “сары” коридор арқалы 2873 (28,8%), “қызыл” коридор арқалы 1435 (14,4%) бажыхана жүк декларациясы қурайды.
Яғный, бажыхана тараўына алдынғы инновациялық бағдарламалардың енгизилиўи нәтийжесинде, бажыхана қадағалаўына усынылған ҳәм “жасыл коридор”ға бағдарланған товарлардың 56,8 процентине бажыхана рәсмийлестириўи процесслери әмелге асырылмаған. Буның нәтийжесинде ҳадал исбилерменлик субъектлери қоллап-қуўатланып, товарлардың өз мәнзилине тез ўақыт ишинде жеткерилиўи тәмийинленди.
Есабат дәўиринде бажыхана тараўына байланыслы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 334 ҳуқықбузарлық анықланып, баҳасы 13 млрд. 396 млн. сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде иркип қалынды. Соннан, жәми 14 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды.
Басқарма хызметкерлери тәрепинен нәшебентлик қураллары, психотроп затлар, қурал-жарақ ҳәм оқ дәрилердиң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бағдарында да бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Атап айтқанда, 2025-жылдың басынан жәми 521,73 гр. нәшебентлик затлар, 740 ампулада күшли тәсир етиўши дәрилик затлар, сондай-ақ, 1 дана аў қуралы, 40,6 гр. порох, 6 дана оқ, 78 дана гильза, 448 дана капсула ҳәм 1,3 кг. дроблардың нызамсыз айланыстан шығыўының алды алынды.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери