Быйыл Нөкис қаласында және 31 көп қабатлы турақ жай бой тиклейди

Соңғы жылларда республикамызда көплеген ири қурылыс, оңлаў жумыслары әмелге асырылып, қала ҳәм районлардың келбети пүткиллей жаңа түрге енбекте. Әсиресе, үлкен гүзар көшелердиң бойларында көп қабатлы имаратлар бой тиклеп, абаданласып қалаларымыздың көркине-көрик қоспақта.
Жақында Нөкис қаласындағы 26-киши районда да 285 квартиралы 5 көп қабатлы турақ жайлардың қурылыс жумыслары басланды. Ҳәзирги ўақытта бир имараттың қурылыс жумыслары алып барылатуғын жер орны таярланып, тырнағын қуйыўға таярлық жумыслары алып барылмақта. Оның жанынан және бир имараттың қурылысы ушын жерди таярлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрь кунги 665-санлы қарарына муўапық Нөкис қаласындағы Жеке терек МПЖ аймағындағы жолдың 2 километрлик аралығына ЩПС (қум-шағыл тас араласпасы) қапламасы төселди.
– Қала аймағында инфраструктураны, халықтың абаданлығын арттырыў мақсетинде тийисли қарарға тийкарланып, “Жәҳән банки”ниң жойбары бойынша 14 дана ақаба суў насос станциясы объектлерин ҳәм узунлығы 106 километрлик орайлық ақаба суў тармақларын реконструкциялаў, 6 дана ақаба суў насос станцияларын ҳәм жойбар бойынша қуўатлылығы 63 000 м3/сутка. болған 1 дана ақаба суў тазалаў тармығы (КОС) объектин, сондай-ақ узынлығы 106 километрлик орайлық суў тармақларын жаңадан қурыў режелестирилген,-дейди Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша қәнигеси Султан Кенгесбаев.
Ҳәзирги ўақытта “POSCH & ПАРТНЕРС CONSULTING ENGINEERS,” “FORLOG AG” ЖШЖ, “Water Engineering-Pro” халықаралық жойбарлаў институтлары ҳәм консультантлары тәрепинен жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
Бүгинги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрь күнги арнаўлы қарарына муўапық, Нөкис қаласы аймағындағы 8 аўыр мәҳәлледе (Исбилерменлер аймағы, Саманбай, Жасыл бағ, Ата мәкан, Қутлы мәкан, Шымбай гузары, Бес төбе, Телеорай МПЖлары) улыўма баҳасы 23,6 млрд. сумлық
қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Быйылғы жыл даўамында Ивестициялық бағдарлама шеңберинде 9 социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерде жәми 188 млрд. 264 млн. сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Шадлы аўыл МПЖ аймағындағы 43-санлы мектепке қосымша 240 орынға ийе имаратының қурылыс жумыслары, “Туран” стадионын реконструкциялаў жумыслары, 4Р176 Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 9,3-14,3 километрлик бөлегин реконструкциялаў, 4Р174 Нөкис-Хожели автомобиль жолының 0-11 километрлик бөлегин реконструкциялаў, Көк өзек МПЖ аймағында орайласқан ыссылық қазанханасын жаңадан қурыў, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нɵкис филиалы имаратын жаңадан қурыў, “Нɵкис” суў тазалаў (ВОС) объекти бойынша қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.
Қалған социаллық объектлерден, Қумбыз аўыл МПЖ аймағындағы 26-санлы мектепке қосымша 330 орынлық имаратын жаңадан қурыў, Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илмий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы имаратын жаңадан қурыў жумыслары алып барылмақта.
Көп қабатлы турақ жайлардағы қурылыс жумысларының барысы, режеси, қаншасы питкени туўралы айтатуғын болсақ, қаламызда турақ жайға мүтәж пуқараларды турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша өткен жылы бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылды.



Атап айтқанда, қаламызда бой тиклеп атырған жәми 2951 квартиралы 56 көп қабатлы турақ жайлардан, 1326 квартираға ийе 25 көп қабатлы турақ жайлар толық жуўмақланып, өз ийелерине тапсырылды. Қалған 1625 квартиралы 31 көп қабатлы турақ жайларды усы жылы питкерип, тапсырыў режелестирилген.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги