Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде “Сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Нызам Өзбекстан пуқараларының сырт елде ўақытша мийнет етиўин әмелге асырыўы ҳәм сырт ел пуқараларының мәмлекетте мийнет етиўин әмелге асырыў менен байланыслы ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде алып барылған ҳәкимшилик реформалар нәтийжесинде усы тараўды басқарыў системасында бир қатар өзгерислер әмелге асырылатуғынын атап өтиў керек.
Соның ишинде, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги сапластырылып, оның барлық ўазыйпалары ҳәм ҳуқықый миннетлемелери Министрлер Кабинети жанында шөлкемлестирилген Миграция агентлигине өткерилгени нызам нормаларын қайта көрип шығыўды талап етти.
Додалаў даўамында нызамның бир қанша статьяларындағы ўәкилликлер, мониторинг системалары, пуқараларды ўатанға қайтарыў механизми ҳәм мийнет етриўине рухсат етиў тәртибиндеги ҳуқықый қарама-қарсылықлар және муўапықсызлық жағдайларына айрықша итибар қаратылды.
Сенаторлар тәрепинен нызамның айырым нормалары бүгинги күндеги реформалар нәтийжесинде өз әҳмийетин жойытқаны себепли “Сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында”ғы нызамның мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, арнаўлы ўәкилликли уйымға байланыслы статьяларын қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сенаторлар, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң турақлы комиссияларының ағзалары, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң ўәкиллери, Миграция агентлигиниң қәнигелери, экспертлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасқан мәжилис жуўмағында тийисли қарар қабыл етилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы