Оқыўшы жасларға бизнес тийкарлары түсиндирилди

Алдын хабар берилгениндей, “Әҳмийетли 90 күн” бағдарламасы шеңберинде оқыўшы жаслардың жазғы дем алыс ўақытларын мазмунлы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мектеп оқыӯшылары ушын «Жазғы бизнес дем алыў орайы» шөлкемлестирилген еди.
Орайда мектеп оқыӯшыларына бизнес ҳәм экономика бойынша түсиниклер берилип, семинарлар, тәжирийбели исбилерменлер менен ушырасыӯлар шөлкемлестирилмекте.
“Әҳмийетли 90 күн” бағдарламасы шеңберинде шөлкемлестирилген гезектеги семинарда Нөкис қаласындағы Мухаммед Ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң жоқары класс оқыўшылары қатнасты.
Семинар даўамында оқыўшы жасларға исбилерменлик жумысларының тийкарлары, бизнести шөлкемлестириў процесслери ҳәм базар экономикасының заманагөй талаплары ҳаққында әмелий түрде мағлыўматлар берилди.

Әлбетте, усындай илажлар жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм кәсиплик потенциалын арттырыўға, оларда исбилерменликке болған қызығыўшылықты қәлиплестириўге хызмет етеди.
Бағдарлама шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги