Нөкистеги “Startap ha’m investorlar ku’ni”жаңа идеялар ҳәм перспективалар майданына айланды

246

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында “Өзсанаатқурылысбанк”тиң басламасы менен “Стартап ҳәм инвесторлар күни” илажы өткерилди. Онда жергиликли ҳәм сырт ел венчур фондлары, акселераторлар, инвесторлар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм белсенди жаслардан ибарат 150 ге шамалас қатнасыўшы қатнасты.

Бүгинги күнде стартаплар ҳәм инвесторларды бир платформада бирлестириў идеясы глобал экономикада өзин ақлап атырған нәтийжели көзқараслардан бири болып есапланады. Президентимиздиң 2024-жыл 20-декабрьдеги ПП-223-санлы пәрманында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, атап айтқанда, аймақларда экономикалық өсиўди хошаметлеў, халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң жуўапкершилигин күшейтиў – усы форум арқалы әмелде өз көринисин тапты.

“Стартап ҳәм инвесторлар күни” перспективалы, инновациялық ҳәм бәсекиге шыдамлы жойбарларды анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм турмысқа енгизиў ушын қолайлы майдан болып хызмет етти. Соның менен бирге, илаж “SQB Ventures” инвестициялық компаниясының жумысы шеңбериндеги дәслепки әмелий қәдемлерден бири сыпатында да айрықша әҳмийетке ийе болды.

Илажда “SQB Ventures” пенен бир қатарда стартап экосистемасына тийисли жетекши жергиликли ҳәм сырт ел компаниялары – “Aloqa Ventures”, “UC Ventures”, “Startup Garage”, “UzVС, “Sturgeon Capital” (Уллы Британия), “IT Park Ventures”, “Plug and Play” (АҚШ) және Нөкис ҳәм Ташкент қаласындағы стартап жойбарларының ийелери қатнасты.

Форум шеңберинде жас исбилерменлер өз стартап идеяларының презентациясын өткерди, оларды инвесторлардың пикир-усыныслары тийкарында жетилистириўге киристи.

Стартап бағдарында тәжирийбеге ийе қәнигелердиң қатнасыўында ашық сөйлесиўлер, инвестиция тартыў бойынша исенимли стратегияларды додалаўлар ҳәм минимал пайдалы өним (MVP) жаратыўға бағышланған шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди.

Питч-сессиялары тартыслы, сораў-жуўапларға бай өтти, қатнасыўшылар қәнигелерден әмелий усыныслар алды. Рәсмий емес сөйлесиўлер (“нетворкинг”) ўақтында өз-ара тәжирийбе алмасып, перспективалы бирге ислесиўди орнатыў имканиятына ийе болды.

Соның менен бирге, Өзсанаатқурылысбанк тәрепинен аймақлық экономикалық потенциалды арттырыў, қаржылай турақлылықты тәмийинлеў ҳәм инновациялық бағдарларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Онда банктиң экологиялық турақлылық ҳәм санлы технологияларға тийкарланған инвестициялық сиясаты қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Форум шеңберинде рәсмий түрде акселерация бағдарламасына старт берилди.

Илаж жуўмағында болса, қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тийкарында бир қатар усыныслар ислеп шығылды. Атап айтқанда, бундай илажларды мәмлекеттиң басқа аймақларында да шөлкемлестириў, акселераторлар ҳәм венчур фондлар менен бирге ислесиўди тереңлестириў, Нөкис жаслары ушын жаңа стартап бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм мәнзилли қоллап-қуўатлаў, күнделикли ушырасыўлар ҳәм мониторинг системасын енгизиў арқалы бул қатнасықлардың нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылды.

Улыўма, “Стартап ҳәм инвесторлар күни” тек ғана Қарақалпақстанда емес, ал барлық аймақларда инновациялық орталықты раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

ӨзА