Өзбекстан Омбудсманы Баку симпозиумында қатнасты

231

Әзербайжанның Баку қаласында “Нызам үстинлигин беккемлеў: Омбудсманлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың орны” темасында халықаралық симпозиум болып өтти.

Әзербайжан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул абырайлы әнжуманға 20 дан аслам мәмлекеттен Омбудсманлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың басшылары қатнасты.

Илажға Миллий инсан ҳуқықлары институтлары глобал альянсы (GANHRI), Миллий инсан ҳуқықлары институтларының Европа тармағы (ENNHRI), Ислам бирге ислесиў шөлкеми Омбудсманлар ассоциациясы (OIC Ombudsman Association) ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасты.

Сессияда шығып сөйлеген Өзбекстан Омбудсманы Феруза Эшматова мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған реформалар ҳаққында айтып өтти. Ол, соның ишинде, жаңа редакцияда қабыл етилген Конституцияда инсан қәдири, абырайы ҳәм еркинликлерин кепиллеўге байланыслы ҳуқықый тийкарлар және де беккемленгенин атап өтти.

2024-жылы қабыл етилген “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳаққында”ғы нызам жаңа Конституция нормаларына муўапықластырылды.

Омбудсман институтының инсан ҳуқықлары бойынша миллий институт сыпатындағы әҳмийети арттырылып, ҳуқықлары кеңейтилди. Орынларда ҳуқықый жәрдем ҳәм жәмийетшилик пенен пикирлесиўди тәмийинлеўши “Омбудсман мектеби” ҳәм “Омбудсман саатлары” ҳәм майыплығы болған балалар ҳәм Меҳрийбанлық үйлери тәрбияланыўшылары арасында өткерилип киятырған “Ҳуқық билимданы” Омбудсман викторинасы илаж қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Әнжуман шеңберинде Омбудсманлар арасында тәжирийбе алмасылды. Инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң заманагөй механизмлерин додалаў, соның ишинде, санластырыў ҳәм жасалма интеллект дәўиринде инсан ҳуқықларын қорғаў, келиспеўшиликлер ақыбетинде жәбирленген халыққа ҳуқықый жәрдем көрсетиў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Ф.Эшматова симпозиум шеңберинде бир қатар мәмлекетлердиң Омбудсманлары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерип, инсан ҳуқықлары тараўындағы өз-ара тәжирийбе ҳәм бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў мәселелерин додалады.

Н.Абдураимова, ӨзА