Тойдағы шегирткелер басқыны Түркменстанда бақланган ба? (+видео)

198

Күни кеше социаллық тармақларда той мәресиминде шегирткелер басқыны жүз бергени ҳаққында хабарлар тарқалды. Бул жағдай бойынша Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң Шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети бөлим баслығы Баҳодир Худойқуловқа сораў менен мүрәжат еттик.

– Өзбекстанда шегирткелердиң көбейип кетпеўи ушын қандай илажлар алып барылмақта ҳәм социаллық тармақларда шегирткелер басқыны менен байланыслы жағдайлар көп ушырасып атырғанын қалай түсиндиресиз?

– Орайлық Азия зыянлы шегирткелердиң ошағы есапланады. Соның ишинде, республикамызда бул жәнликлердиң 200 ден аслам түри бар. Соннан ҳәр жылы 6 ямаса 8 түрине қарсы химиялық гүрес алып барылады. Быйыл да республикамызда 608 мың гектарда химиялық дәрилеў жумысларын алып барыў белгиленген болып, қәнигелеримиз тәрепинен усы суткада 503 мың гектарда зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиў жумыслары шөлкемлестирилди.

Республикамызға шегаралас аймақларда ҳәр жылы шегирткелердиң ушып өтиў қәўпи бар. 22-мартта зыянлы шегирткелер шыға баслайды. Қубла ўәлаятларымызда олардың ошақлары бақланды ҳәм агентликтиң жоқары өнимли техникалары жәрдеминде сапластырылды.

Усы күнлери күни-түни социаллық тармақлардағы той бәзиминдеги ўақыяға анықлық киргизетуғын болсақ, сексеўил бүкир шегирткеси Түркменстанның Лебап ўәлаятында болған ўақыя екенлиги ҳәм усы аймақ жуўапкери менен байланысқанымызда және де анық болды.

Ҳүрметли пуқаралар, Өзбекстанда зыянлы шегирткелерге байланыслы жағдай қадағалаў астында. Күшейтилген бақлаў ҳәм химиялық қайта ислеўлер 24/7 режиминде алып барылмақта. Зыянлы шегирткелер тарқалған аймақ ҳаққында хабардар болсаңыз 1288 яки 712021000 телефон номерлерине дәрҳал хабарласыўыңызды сораймыз.

 

Санжар Тошполатов, Нишонбой Абдувойитов, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА