Өзбекстан ҳәм Қырғызстан мәдений байланысларды беккемлемекте

360

Усы жылдың 17-июнь күни Қырғызстан мәденият, мәлимлеме ҳәм жаслар сиясаты министри Мирбек Мамбеталиев Бишкек қаласында Өзбекстан елшиси Саидикрам Ниёзхўжаев пенен ушырасыў өткерди, деп хабар бермекте “Кабар” мәлимлеме агентлиги.

Өз-ара сөйлесиў ўақтында тәреплер қырғыз-өзбек мәдений бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, биргеликтеги мәдений бағдарламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыў, сондай-ақ, дөретиўшилик топарлардың өз-ара бирге ислесиўи ҳәм жаслар жойбарларын раўажландырыў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Мирбек Мамбеталиев еки мәмлекет халықлары арасындағы туўысқанлық байланыслары ҳәм өз-ара аўызбиршиликти беккемлеўде мәдений сөйлесиў әҳмийетли орын ийелейтуғынын айрықша атап өтти.

– Мәденият – халықларды бирлестиретуғын көпир. Биз бирге ислесиўимизди және де нәтийжели ҳәм көп тәреплеме етиўге умтыламыз, – деди министр.

Өз гезегинде, елши Саидикрам Ниёзхўжаев шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы мәдений байланыслардың әҳмийетин атап өтти ҳәм бир қатар перспективалы басламаларды алға қойды.

Еки елде мәденият күнлери турақлы өткерилип киятырғаны өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм миллий көркем өнеримизди ғалаба ен жайдырыўға хызмет етип атырғанын атап өтиў керек. Әсиресе, жақын қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў ҳәм академиялық алмасыўды раўажландырыўға қаратылған жаслар жойбарларына айрықша итибар қаратылмақта.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм мәдений байланысларды және де беккемлеў және тәжирийбе алмасыўға қаратылған жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелер ислеп шығыўға келисип алды.

С.Раҳимов, ӨзАның хабаршысы