Миллий гвардия бириншилиги өткерилди

Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде спорттың грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси түринен әскерий хызметкерлер арасында Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы бириншилиги жарысы болып өтти.
Жарыста мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 100 ден аслам спортшылар 7 салмақ категориясында жеңимпазлық ушын өз-ара гүрести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, улыўма командалық есапта Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы палўанлары биринши орынды ийелеўге миясар болды.






Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Миллий гвардияның Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятлары бойынша басқармасы ийелеўге еристи.
Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги