Инновация: келешекке қәўипсиз қәдем

186

Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлерде санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиў бүгинги күнде регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында тән алынбақта.

ШБШ шеңбериндеги бул бирге ислесиў мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, санлы қәўипсизлик, IT билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў бағдарларын қамтып алған.

Тәреплер санлы тараўдағы қәнигелерди таярлаў, тәжирийбе алмасыў ҳәм ШБШ шеңбериндеги университетлер арасында бирге ислесиўди күшейтиў бойынша келисимлерге ериспекте.

Қытайда Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлердиң қатнасыўында санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўге бағышланған форумның ашылыў мәресиминде санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов шығып сөйледи.

Министр санлы трансформация процесслери, мәлимлеме технологиялары ҳәм инновацияларды енгизиў арқалы ШБШ мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, ол Өзбекстанда санлы экономиканы раўажландырыў, санлы инфраструктураны кеңейтиў ҳәм санлы хызметлерден пайдаланыў дәрежесин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Илаж шеңберинде қатнасыўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери санлы технологиялар бағдарында тәжирийбе алмасыў, қәўипсизликти тәмийинлеў, жасалма интеллект ҳәм басқа да санлы шешимлерди әмелиятқа енгизиў бағдарындағы бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Сондай-ақ, министр илаж қатнасыўшыларын усы жылдың 23-26-сентябрь күнлери мәмлекетимизде болып өтетуғын “ICTWeek – 2025” ҳәптелигине мирәт етти.

Нигора РАҲМОНОВА,

ӨзА хабаршысы