Бүгинги күнде экономикалық қатнасықлардың қурамаласыўы, салық нызамшылығының жетилистирилиўи ҳәм кең көлемли болыўы суд-ҳуқық системасында салық пенен байланыслы келиспеўшиликлердиң көбейиўине алып келмекте. Бул жағдай, өз гезегинде, суд додалаўларында арнаўлы билим талап етилетуғын жағдайларда салық экспертизасының әҳмийетин арттырмақта. Суд салық Экспертизасы – бул суд тәрепинен тайынланатуғын, салық қатнасықларына байланыслы мәселелерди шешиўге қаратылған экспертиза түри болып, ол анықлық, қалыслық ҳәм нызамлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли қурал есапланады.

Суд салық экспертизасы – бул суд исин жүргизиў шеңберинде салық тараўындағы келиспеўшилик жағдайларды шешиў мақсетинде эксперт (қәниге) тәрепинен берилетуғын илимий, техникалық ҳәм ҳуқықый тийкарланған жуўмақ есапланады. Өзбекстан Республикасының “Суд экспертизасы ҳаққында”ғы нызамы ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлер усы жумысты тәртипке салады.

Салық экспертизасы төмендеги басқышларда өткериледи:

Экспертиза тайынлаў: Суд ямаса тергеў уйымы тәрепинен қарар қабыл етиледи. Қарарда төмендегилер көрсетиледи: ис номери, тәреплер ҳаққында мағлыўмат, шешилиўи керек болған мәселелер, экспертиза түри ҳәм эксперт шөлкеми.

-Материаллардың усынылыўы: Экспертке зәрүр ҳүжжетлер (есаплар, бухгалтерия ҳүжжетлери, салық есабатлары ҳәм басқалар) усынылады.

Эксперт тәрепинен анализ: Эксперт берилген материаллар тийкарында есаплаўлар ҳәм анализлер өткереди.

– Жуўмақ рәсмийлестириледи: Алынған нәтийжелер тийкарында жазба жуўмақ таярланады ҳәм судқа усынылады.

Салық экспертизасы төмендеги мәселелерди сәўлелендириўге қаратылады:

– Салық төлеўши тәрепинен салық нызамшылығы бузылған-бузылмағанлығын анықлаў;

– Салық есап-санақларының дурыслығы ҳәм тийкарланғанлығын баҳалаў;

– ҚҚС, пайда салығы, дәрамат салығы ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди есаплаўда қәтелерге жол қойылғанын анықлаў;

– Финанслық ҳүжжетлер ҳәм есабатлардың дурыслығын тексериў;

– Жасырын дәрамат ямаса надурыс салыққа тартыў жағдайларын анықлаў.

Суд салық экспертизасы әдил суд қарарларын қабыл етиўде үлкен әҳмийетке ийе. Ол төмендеги ўазыйпаларды орынлайды:

-Судқа анық ҳәм илимий тийкарланған жуўмақ береди;

Суд қарарының нызамлылығын тәмийинлейди;

-Алдаўшылық ҳәм салықтан бас тартыў жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди;

-Салық келиспеўшиликлериниң тез ҳәм қалыс шешилиўине жәрдем береди.

Суд салық экспертизасы суд ислеринде исенимли дәлил болып хызмет етеди ҳәм салық келиспеўшиликлерин шешиўде шексиз әҳмийетке ие. Оны өткериўдеги анықлық, қалыслық ҳәм еркинлик экспертиза нәтийжелериниң исенимлилиги ҳәм суд қарарларының әдил болыўын тәмийинлейди. Сол себепли, бул жумысты шөлкемлестириў, раўажландырыў ҳәм қәнигелер таярлаў мәселелери әҳмийетли болып есапланады.

А.Торениязов,

Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайы Қарақалпақстан Республикасы  бөлими эксперти,  2-дәрежели юрист

Қарақалпақстан хабар агентлиги