Республикамыздың ғаўаша майданларында ушырасатуғын қәўипли зыянкеслер (шире, трипс, ғөрек қурты, өрмекши кене, қандала ҳәм басқалар), кеселликлер ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресиў илажларының шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылыўын, олардың сапалы орынланыўын қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде 2025-жылдың 16-июнь сәнесинен 25-июль сәнесине шекем “Әҳмийетли 40 күнлик” жәрияланады.
Агрокластерлер, фермер, дийқан хожалықлары ғаўаша майданларында мониторинг жумыслары алып барылады. “Әҳмийетли 40 күнлик” илажлары режесине тийкарланып район ҳәкимликлери менен биргеликте ғаўаша майданларында ушырасатуғын зыянлы организмлердиң пайда болыўы, көбейиўи ҳәм тарқалыўына қарсы нәтийжели гүресиў бойынша илажлар өткерилип, олардың әмелге асырылыўы да қадағаланады.
Сондай-ақ, ғаўаша майданларында биологиялық қорғаў қуралларын мөлшеринде қолланыў илажлары көриледи. Зыянкеслердиң экономикалық зыян муғдары нормасынан (EZMN) артып кетиўи бақланса химиялық қайта ислеў усыныс етиледи.
Ғаўашаның тийкарғы зыянкеслери (шире, трипс, ғөрек қурты, өрмекши кене ҳәм қандала) анықланғанда жеделлик пенен Карантин агентлигиниң электрон платформалары арқалы хабарнама жиберилип, фитосанитар талапларды өз ўақтында орынламаған жер ийелерине нызамда белгиленген тәртипте шаралар көриледи.
Сырт ел ғаўаша сортларының фитосанитариялық жағдайы да айрықша қадағалаў астында болып, атыз майданларынан алынған үлгилер Орайлық ҳәм аймақлық фитосанитариялық лабораторияларда тексерип барылады.
Ғаўаша атызларында зыянкеслер анықланғанда, карантин инспекторларына хабарласыў усыныс етиледи. Бул ушын “Агрокўмакчи” мобиль қосымшасының “инспекторды шақырыў” түймесинен пайдаланып, бийпул усыныс ҳәм көрсетпелер алыўға да болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги