Ташкент қаласында халықтың әззи қатламларына байланыслы шахсларға ислениўи мүмкин болған адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша семинар болып өтти.
Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссия, Балалар омбудсманы, ЕҚБШның Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкили ҳәм муўапықластырыўшы бюросы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға министрликлер ҳәм уйымлар, МКШ ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстанда ЕҚБШ жойбарларын әмелге асырыў бойынша тастыйықланған “жол картасы”н әмелге асырыў және “Өзбекстанда адам саўдасына қарсы гүресиўдиң миллий институционаллық тийкарларын буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлесиў” жойбары шеңберинде өткерилген илажда әззи топарлар ушын адам саўдасының артып баратырған қәўип-қәтерлерине итибар қаратылды.
Адам саўдасына қарсы гүресиўдиң заманагөй усылларын әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе алмасыў ушын платформа жаратыў мәселелери көрип шығылды.
Қатнасыўшылар адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы халықаралық ҳәм алдынғы тәжирийбелер менен өз-ара ортақласты. Адам саўдасының гендер тәреплерин ҳәм психологиялық ақыбетлерин таллаўға тийкарланған қатнаслар бойынша пикирлер билдирилди.
Интерактив сессиялар, топар додалаўлары, әмелий тапсырмаларды өз ишине алған бул илаж қатнасыўшылары нәтийжели усылда адам саўдасы жағдайларының алдын алыў, оннан жәбирлениўшилерди қорғаў бойынша зәрүр болған турақлы билимге ийе болыўға ҳәм өзлериниң әмелий көнликпелерин қәлиплестириўге хызмет етти.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы