Жазғы дем алыс – дем алыў ҳәм раўажланыў имканияты

Әмиўдәрья районындағы қәбилетли ҳәм белсенди жаслар ушын жазғы дем алысты мазмунлы ҳәм нәтийжели өткериў мақсетинде арнаўлы дем алыў имканиятлары жаратылмақта. Райондағы бир топар жаслар, Төрткүл ҳәм Елликқала районларындағы дем алыў орынларына жиберилди.
Оларды шығарып салыў мәресимине Әмиўдәрья районы ҳәкими С.Хожаметов, район прокуроры Б.Машарипов ҳәм районлық ишки ислер бөлими баслығы М.Хожамуратов қатнасты. Олар жасларға қызғын тилеклер билдирди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Бул жаслар арасында айрықша баҳаларга оқыған оқыўшылар, белсенди спортшылар ҳәм социаллық жойбарларда қатнасқан жас жетекшилер болып, ҳәр бири өз тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен. Олар бул дем алыў имканияты арқалы тек ғана жаңа тәжирийбелерге ийе болып қалмастан, ал өзлериниң жеке өсиўлерине де үлкен жәрдем алады.


Бул баслама жаслардың тек ғана дем алыўына хызмет етип қоймастан, олардың жәмийетлик белсендилигин, жәмийеттеги ролин де жаңа басқышқа көтереди. Соның ишинде, жаслар ушын шөлкемлестирилген дем алыў орайлары, оларға социаллық байланысларды беккемлеў, спортқа болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм келешектеги кәсиплик таңлаўды анықлаўға жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги