Шымбай районы ҳәкими Қытай делегациясы менен ушырасты

257

Соңғы жыллары мәмлекетимиздиң Қытай Халық Республикасы менен саўда-экономикалық ҳәм қаржы-инвестициялық бирге ислесиўи жедел раўажланбақта. 2024-жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти. Инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды қурамақта.

Мәмлекетимиз аймақларында биргеликтеги технопарклер ҳәм арнаўлы индустриаллық зоналар табыслы жумыс алып бармақта, “BYD” электромобильлерин ислеп шығарыў кеңеймекте.

“Жасыл” энергетика, нефть-газ, химия, фармацевтика, металлургия, таў-кән, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм қурылыс тармақларында сондай-ақ, логистика, “ақыллы” аўыл хожалығы, жасалма интеллект ҳәм санластырыў тараўларында перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Шымбай район ҳәкими Айбек Тажетдинов Қытай Халық Республикасының “PEI FU YANG” компаниясы ўәкиллеринен ибарат исбилерменлер делегациясы менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында Айбек Тажетдинов  район аймағында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған биргеликтеги инвестициялық жойбарлар бойынша сөйлесиўлер жүргизди.

Өз гезегинде, қытайлы делегация ағзалары район аймағындағы жер майданлары ҳәм бар инфраструктура менен тиккелей танысыў мақсетинде орынларға шығып, өзлериниң қосымша пикир-усынысларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы