Жас дзюдошылар Нөкисте беллести

Нөкис қаласында «Жаңа Өзбекстан – Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының дзюдо түри бойынша аймақлық басқышы болып өтти.
Жарысқа Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Тақыятас, Хожели ҳәм Нөкис районларынан спортшы жаслар қатнасып, 8 салмақ категориялары бойынша өз-ара беллести.




Кескин беллесиўлерге толы өткен жарыс жуўмағында, жигитлер арасында 50 кг салмақта Хожели районынан Жавоҳир Шамуратов, 55 кг да Нөкис районынан Зуҳратдин Қурбанбаевлар биринши орынды ийелеген болса, 60-66 ҳәм 81 кг салмақта әмиўдәрьялы палўанлардан Самандар Азатов, Батыр Қудайбергенов ҳәм Акбар Жаббарбергеновлар жеңимпазлықты қолға киргизди.
73 ҳәм +90 кг салмақта нөкисли Султанбек Абатбаев пенен Марсель Муратбаев, 90 кг да және бир ақмаңғытлы палўан Ислам Орынбаевлар жарыстың алтын медальларын жеңип алды.
Ал, қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Нөкис районынан келген палўанлар биринши орынды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, 40 кг салмақта Улмира Бекмуратова, 44 кг да Ферида Бердимуратова, 48 кг да Айжамал Ержанова, 52 кг да Шахноза Балтанова, 57 кг да Нурай Халилаевалар бас сыйлықты жеңип алды. 63 ҳәм +70 кг салмақ категорияларында болса, хожелиши жаслардан Дилнура Зарипбаева менен Ҳүрзия Оразбаева, 70 кг да Зумрад Жумамуратовалар бас сыйлық ийелерине айланды. Өткерилген жарыс соңында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алып, оларға диплом ҳәм медальлар тапсырылды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы