Жаслар ҳәм кино дөретиўшилердиң  ушырасыўы болып өтти

203

30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң “Жаслар мәселелерин үйрениў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў” бөлиминиң басламасы менен “Миллий руўх, илимий мийрас, кино көркем өнеринде жәмленген” атамасында жаслар ҳәм кино дөретиўшилериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда “Қарақалпақ кинофильм”ниң көркемлик жақтан басшысы Қудрат Атажанов, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Еркинай Орынбаева, кино тараўына қызығыўшы жаслар ҳәм партияның жаслар қанатының белсендилери қатнасты.

Ушырасыўда жасларға “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм оның жаслар мәнаўияты, мәденияты ҳәм дөретиўшилигин раўажландырыўдағы әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилди. Соның ишинде, 2024-2030-жыллар даўамында мәмлекетшилик раўажланыўының 3000 жыллық тарийхын сәўлелендиретуғын 50 көркем фильм, 10 миллий қаҳарманларға бағышланған анимациялық фильм ҳәм сериал, сондай-ақ, халықаралық кинофестиваль ҳәм телеканалларда көрсетиўге мөлшерленген жойбарлар жаратыў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәжилисте жас кино дөретиўшилеримиз бундай шараятлардан нәтийжели пайдаланып, халқымыз, әсиресе, жасларымызды ғәрезсизлик идеялары руўхында тәрбиялаўға жәрдемлесетуғын, бай тарийхымыз, уллы ата-бабаларымыздың теңсиз мәртлиги, заманласларымыздың пидәкерлик мийнетин сәўлелендиретуғын фильмлер көриў ҳаққындағы арзыў-нийетлерин әмелге асырыў жолында бар күш ҳәм имканиятларын иске қосыўы зәрүрлиги атап өтилди.

– Биз мәмлекетимиз  Өзбекстанның  атын пүткил дүньяға танытпақшы екенбиз, бул жумысты биринши гезекте кино көркем өнери жәрдеминде әмелге асырыўымыз керек. Әйне, кино көркем өнери арқалы дүнья экранларын ийелеўимиз, усы жол менен жер жүзи  халқының дыққат-итибарын тартыўымыз мүмкин. Буның ушын бәршемиз бар күш ҳәм имканиятларды, дөретиўшилик потенциалды иске қосыўымыз керек,-дейди “Қарақалпақ кинофильм” ниң көркемлик жақтан басшысы Қудрат Атажанов.

Ушырасыў “Сценарийден экранға шекем” темасындағы шеберлик сабағы менен даўам етти. Онда киноны сүўретке алыў процеси, сценарий жазыў усылы, қысқа метражлы ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратыў, кинофестивальларда қатнасыў имканиятлары ҳаққында жасларға ҳәр тәреплеме мәсләҳәтлер берилди.



Ушырасыў соңында белсене қатнасқан жасларға естелик саўғалары тапсырылды ҳәм жас дөретиўшилердиң шығыўлары илажға айрықша кейпият бағышлады.

 

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги