Гендер теңлиги темасында оқыў-семинар

242

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен мәмлекетлик уйымлар, кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердеги мәсләҳәт-кеңес уйымларының ўәкиллери ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитетиниң мәжилислер залында болып өткен илажда ҳаял-қызлардың гендер теңлиги мәселелери додалаў темасы болды.

Видеоконференция тәризинде өткерилген семинарда Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова, Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов, республиканың барлық министрликлери ҳәм уйымлары және шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған мәсләҳәт-кеңес уйымларының жуўапкерлери және комитеттиң жеке қурамы қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген Бас министрдиң орынбасары З.Маҳкамова ҳәр бир мийнет жәмәәтинде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятларды жаратыў, олардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнетине мүнәсип ҳақы төлеў, хошаметлеў, басшылық лаўазымларына усыныў, жынысы бойынша тиккелей ямаса надурыс кемситиўди сапластырыўда жәрдемлесиў ҳәр бир мәмлекетлик уйымдағы мәсләҳәт-кеңес уйымлары жумысының тийкарғы мақсети екенин атап өтти.

Усы күнге шекем уйым ҳәм шөлкемлердиң системалы шөлкемлеринде 155 мәсләҳәт-кеңес жумысы жолға қойылған.

Мәмлекетимиздиң гендер теңлик тараўында ерискен жетискенликлери халықаралық дәрежеде де мүнәсип тән алынбақта. Соның ишинде, Өзбекстан 2024-жылы гендер теңлик ҳәм басқарыў индекси бойынша 72,8 балл топлап, 103-орыннан 51-орынға жоқары көтерилип, 52-орынды ийелеўге еристи.  Бул индекс 158 мәмлекетти қамтып алып, гендер теңликке ерисиў жолында жетискенлик ҳәм кемшиликлерди анықлаў имканиятын береди.

Өзбекстанның бул жетискенликлерине тийкар болған әҳмийетли реформалар ҳаял-қызларды IT ҳәм STEM тараўларына жедел тартыў, қызлар ушын санлы көнликпелер бойынша билимлендириў бағдарламаларының иске қосылыўы, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған илажлар болып есапланады.

Семинарда қәнигелер тәрепинен «Гендерге бағдарланған бюджетлестириўди енгизиўдиң перспективалары,» «Мәсләҳәт кеңес-органлары: тәжирийбе ҳәм әмелият», «Гендерге байланыслы аудитти өткериў нәтийжелери ҳәм жуўмақлары», «Гендерге байланыслы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орнын жақсылаўға қаратылған илажлар» темаларында баянатлар жасалды.

Нилуфар БОЗОРОВА,  ӨзАның хабаршысы