Жас гандболшылар бас сыйлықты жеңип алды

Нөкис қаласында улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшыларының жазғы дем алыс дәўириндеги бос ўақтын мазмунлы өткериў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде, «Ёшлик спорт командалары» спорт жарысларының гандбол түри бойынша республикалық басқышы болып өтти.
Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасты.
Қызықлы ҳәм кескин өткен жарыс жуўмағында, ул балалар ҳәм қызлар арасында да республикамыз командасы биринши орынды жеңип алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, ул балалар арасында республикамыз абырайын мүнәсип қорғаған Шымбай районындағы 43-санлы, қызлар арасында Нөкис қаласындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары бас сыйлықты жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Самарқанд, Хорезм ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының жас гандболшыларына несип етти.
Өткерилген жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы