Питкериўши жасларға дипломлар тапсырылды

НМПИ академиялық лицейинде питкериўшилерге “Питкериўшилерди жоқарғы оқыў орынларына мақсетли бағдарлаў ҳәм салтанатлы диплом” тапсырыў кешеси болып өтти. Кешени академиялық лицей директоры Қ.Қалхоразов ашып берди ҳәм Президентимиздиң елимиздиң билимлендириў мәкемелерин питкериўши жасларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Илажда Әжинияз атындағы НМПИ оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов, НМПИ оқыў методикалық бөлим баслығының орынбасары Т.Таджиев, ҚМУ профессоры Т.Машарипова, ҚМУ доценти Б.Диланов, “Шуҳрат” медалы ийеси П.Камалова, устазлар, оқыўшы жаслар ҳәм ата-аналар қатнасты.
Байрам кешесинде сөзге шыққанлар усындай жасларымыз мәмлекетимиздиң жарқын келешеги ушын хызмет ететуғын қәнигелер болып жетисиўине исеним билдирип, олардың алдағы үлкен мақсетлерине ерисиўинде табыслар тиледи. Соң академиялық лицейди жоқары нәтийжелер менен питкерип атырған оқыўшыларға дипломлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, быйылғы оқыў жылында академиялық лицейди улыўма 279 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан бир оқыўшы алтын, үш оқыўшы гүмис медаль, ал 18 оқыўшы айрықша диплом менен питкермекте. Олардан улыўма 306 оқыўшы миллий ҳәм халықаралық сертификатларға ийе. Оқыўшылар арасында мүддетинен алдын дүньяның ҳәм республикамыздың абыройлы жоқары оқыў орынларына қабылланған, соның менен бирге, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадалары, спорт ҳәм интеллектуаллық жарыслар, стипендиялар таңлаўларының жеңимпазлары, оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда айрықша белсендилик көрсетип атырған жаслар көпшиликти қурайды.
Байрам илажы концерт бағдарламсы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги