Имканияты шекленген балалар ушын күндизги орай жумыс баслады

264

Елимизде социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған балаларды қоллап-қуўатлаў, олардың денсаўлығын беккемлеў және ҳәр қыйлы шынығыўлар арқалы раўажланыўына жәрдемлесиў мақсетинде бир қатар анық ҳәм нәтийжели бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 126-санлы қарары – “Майыплығы болған балалар ушын күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ҳүжжетке тийкарланып, енди бундай хызмет Беруний районында да жолға қойылды.

Бул жойбар шеңберинде “Ширинтой сайёраси” атлы мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесинде имканияты шекленген балалар ушын арнаўлы шараятлар жаратылды. Бул жерде балалар тек ғана тәрбиялап қоймастан, ал олардың жеке раўажланыўы, жәмийетке бейимлесиўи ҳәм саламатлығы ушын зәрүр шараятлар жаратып берилген.


Бул баслама тек ғана балалар емес, ал олардың ата-аналары ушын да үлкен жеңиллик жаратып, олар өз жумыслары менен емин-еркин шуғылланыў имканиятына ийе болғанын атап өтиў керек. Енди ата-аналар перзентлерин исеним менен күндизги тәрбиялаў хызметине тапсырыўы мүмкин.

Илажда Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров қатнасып, бул хызмет майыплығы болған балалардың турмысында унамлы өзгерислерге алып келетуғынына исеним билдирди.

Аймақтың нураний кекселери болса бул ийгиликли ҳәм саўаплы истиң басланыўын қанаатланыўшылық пенен күтип алып, ҳәммени усы мүнәсибет пенен қутлықлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги