Илим жанкүйери-пидайы устаз

Республикамызда илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўына өз үлесин қосқан, жас әўладларымыздың келешеги ушын мийнет еткен илимпазларымыз оғада көп. Әсиресе, олардың арасында ҳаял-қызлардың бар екенлиги кеўлимизде мақтаныш сезимлерин пайда етеди. Усындай илимпазларымыз қатарында өзиниң 46 жыллық саналы өмирин илимге бағышлаған, физика илиминиң еле де тың болған сырларын ашыўға үлес қосқан профессор Шарипа Бекмурадовна Утамурадова болып табылады.
1979-жылы Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) ниң физика факультетин «ярымөткизгишлер ҳәм диэлектриклер физикасы» қәнигелиги бойынша тамамлаған ол, 1980-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң аспирантурасына кирип, Ленинград қаласындағы А.Ф.Иоффе атындағы Физика-техника институтына хызмет сапарына жибериледи. Бул жерде қуўатлы ярымөткизгишли қурылмалар лабораториясында физика-математика илимлериниң докторы А.А.Лебедев басшылығында илимий жумысын алып барып, 1983-1986-жыллары Әмелий физика илимий-изертлеў институты ярымөткизгишлер физикасы лабораториясында киши илимий хызметкери, 1986-1993-жыллары үлкен илимий хызметкер болып жумыс ислейди.
Усы жыллар арасында оның бир неше жыллық илимий изленислери өзиниң унамлы нәтийжесин берип, ол 1987-жылы А.Ф.Иоффе атындағы Физика-техника институтының қәнигелестирилген кеңесинде «Марганец пенен легирленген кремнийде терең қәддилердиң электронлық спектрин изертлеў» темасында кандидатлық диссертациясын қорғап шығады.
Шарипа Утамурадова 1993-1996-жыллары Ташкент мәмлекетлик университетиниң университети) докторантурасында тәлим алған ол, 1996-2004-жыллары Әмелий физика илимий-изертлеў институты ярымөткизгишлер физикасы лабораториясы баслығының орынбасары лаўазымында жумыс ислейди.
Ш.Утамурадова мәмлекетимизде шөлкемлестирилген бир неше фундаментал, әмелий ҳәм илимпаз ҳаял-қызлар грантларының жеңимпазы болып есапланады. Соның ишинде, 2003-2007-жыллары “Т-ионларының араласпасы менен легирленген монокристаллық кремнийдиң дефектли структурасының қәлиплесиў ҳәм раўажланыў процесслерин изертлеў,” 2007-2011-жыллары “Изучение закономерностей дефектобразования в монокристаллическом кремний с примесно-дефектными ассотсиатами и динамических процессов формирования скрытных границ раздела полупроводник-диэлектрик”, 2009-2011-жыллары «Кремнийли МДП-структуралары параметрлериниң турақлылығын асырыў усылларын ислеп шығыў», 2012-2014-жыллары “Кремнийли МДП-структуралық компонентлер наноструктураластырылган силицидлерди алыў технологиясын ислеп шығыў», 2015-2017-жыллары “Радиацияга жоқары турақлы легирленген кремний ҳәм кремнийли диод структураларды алыў технологиясын ҳәм кремнийли қуяш элементлериниң фотосезгирлигин арттырыў усылларын ислеп шығыў” атамасындағы грант таңлаўларында турақлы қатнасып, әмелий ҳәм фундаментал грантлардың жеңимпазы сыпатында белгили илимпаз болды.
2004-2017-жыллары Әмелий физика илимий-изертлеў институтының ярымөткизгишлер физикасы лабораториясының баслығы лаўазымында ислеген Шарипа Утамурадованың басламасы менен 2018-жылы Орайлық Азияда бирден-бир болған Ярымөткизгишлер физикасы ҳәм микроэлектроника илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилди ҳәм сол жылдан баслап усы институттың директоры лаўазымында ислеп келмекте.
Ш.Утамурадова 2017-жылы Ташкент қаласындағы Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Физика-техника институтының қәнигелестирилген кеңесинде “Т-ионлары қосымшалары менен легирленген кремнийде нуқсан орайларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў процесслеры” деген темада өзиниң докторлық диссертациясын табыслы қорғап шығады.
Усы өткен жыллар ишинде Ш.Утамурадова басшылығында елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў мәкемелери, хожалық басқарыў уйымлары, санаат ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер, сондай-ақ, жеке меншик сектордың ярымөткизгишлер физикасы ҳәм ярымөткизгишли микроэлектроника тараўында инновацияларды енгизиўге қаратылған өз-ара бирге ислесиўи бойынша илажлар ислеп шығылады ҳәм әмелге асырылады. Ислеп шығылған термикалық турақлы ҳәм радиацияға шыдамлы материаллар алыў технологиялары ҳәм басқа да илимий нәтийжелерден “Өзэлтехсанаат” акционерлик компаниясының “ФОТОН” акционерлик жәмийетинде пайдаланылмақта.
Ол өзиниң көп жыллық илимий жумысы даўамында ярымөткизгишлер физикасы тараўында ҳәр қыйлы өтиўши элементлер менен легирленген кремний тийкарындағы ярымөткизгишли материаллардың физикалық қәсийетлерин, қосымша элементлердиң өз-ара тәсир етисиў процесслериниң өзгешеликлерин үйрениў бойынша нәтийжели излениўлер алып барды. Сондай-ақ, жаңа функционаллық өзгешеликлерге ийе болған ыссылыққа шыдамлы датчиклерди лаборатория шараятында жаратыў, радиацияға шыдамлы ярымөткизгишли материалларды жаратыў технологиясын ислеп шығыў ҳәм кремний тийкарындағы қуяш элементлериниң сезгирлигин арттырыў бағдарында илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырды.
Ҳәзирги ўақытта болса институтта ярымөткизгишлер физикасы пәниниң раўажланыўы ҳәм институттың материаллық-техникалық базасының беккемлениўи үстинде табыслы жумыс алып барыў менен бирге, Жоқары аттестация комиссиясы дизимине киргизилген “Өзбекстан Миллий университети хабаршысы” ҳәм “Әндижан университети илимий хабаршысы,” “Universal Journal of Physics Research” журналлары редакциялық кеңесиниң ағзасы болып хызмет етпекте.
Соны айтып өтиўимиз керек, Ш Утамурадова жас илимпазлардың устазы болып, оның басламасы менен ярымөткизгишлерде дефектлер пайда болыўы бойынша жаңа илимий мектеп жаратылды ҳәм ол 400 ден аслам илимий жумыслар, соның ишинде, 8 монография, 4 сабақлық, 7 оқыў қолланба ҳәм 5 патенттиң авторы. Оның басшылығында 3 докторлық ҳәм 6 кандидатлық диссертация табыслы түрде қорғалды. Бакалавриат ҳәм магистратура студентлерине илимий басшылық етеди.
Соның ишинде, айрықша атап өтиўимиз керек, бизиң республикамыздан да бир қатар илимпазлар Шарипа Утамурадова басшылығындағы илимий кеңесте илимий дәрежелер алыўға миясар болды. Олар арасында Абат Муратов, Султанбек Абдижалиев, Байрам Исмаилов, Анифа Палуанова, Зоир Кенжаев, Эльмира Наўрызалиева, Ерназар Косбергенов, Дәрьябай Есбергенов, Хожаахметжан Турекеев, Сабырбай Турсынбаев ҳәм Мардон Асқаровларды айтып өтсек болады.
Илимпаздың көп жыллық мийнети, илим-билимлендириў тараўын раўажландырыўға қосқан үлеси, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын 2016-жылы “Өзбекстан Ғәрезсизлигине 25 жыл,” 2021-жылы “Өзбекстан Ғәрезсизлигине 30 жыл” ҳәм 2022-жылы “Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы,” 2024-жылы “Жоқары билимлендириў ағласы” көкирек нышанлары менен сыйлықланды.
Ш.Утамурадованың илим ҳәм билимлендириўге қосқан айрықша мийнетлери ҳаққында қанша айтсақ та аз. Устаздың қолында тәрбия алған сан мыңлаған шәкиртлери бүгинги күни республикамыздың социаллық-экономикалық тараўларда өз орнына ийе қәнигелер болып жетилисти ҳәм мийнет етпекте.
Биз сөзимиздиң соңында, өзиниң сабырлылығы, мийнет сүйгишлиги, кеңпейиллиги менен жүреклерден орын алған үлгили устаз, белгили илим ғайраткери Шарипа Утамурадованың илимий-педагогикалық жумысларында табыслар тилеп қаламыз.
Марат Тагаев,
Бердақ атындағы ҚМУ
физика кафедраси профессори.
Бөрибай Даўлетмуратов,
Әжинияз атындағы НМПИ профессоры.
Қарақалпақстан хабар агентлиги