Әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң ағзасы, сенатор, Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң депутаты З.Бекатова ҳәм Кеңес секретариатының баслығы, депутат М.Уразбаев сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерди,-деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Сөйлесиўлер даўамында Сенаттың жалпы мәжилислеринде мақулланған нызамлар, сондай-ақ, додаланған әҳмийетли мәселелердиң мазмун-мәниси ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында кең жәмийетшиликке түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, ушырасыўларда аймақтағы жумыссызлық машқаласын сапластырыў, жол ҳәм транспорт инфраструктурасын жақсылаў, аўыл хожалығы тараўындағы әҳмийетли машқалалар бойынша пикир алысылды.
Халық тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм машқалалар тыңланды, бар машқалалар бойынша ашық пикирлесиў өткерилип, берилген сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап берилди.
Сондай-ақ, 10-Пахтакор сайлаў округине киретуғын мәҳәллелерде де болып, “мәҳәлле жетилиги” қурамындағы жуўапкерлер ҳәм пуқаралар менен сәўбетлер шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги