Және бир шаңарақ жайлы болды

312

Мәмлекетимиз тәрепинен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетилип атырған инсаныйлық жәрдемлери даўам етип, Қанлыкөл районындағы және бир шаңарақ турақ жайға ийе болды.

Атап айтқанда, усы райондағы Жаңа қала аўыл пуқаралар жыйынында көп жыллардан берли турақ жай мәселесинде қыйналып киятырған Төребийке Узакованың шаңарағына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қаржылары есабынан жаңа имарат қурып берилип пайдаланыўға тапсырылды.





Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими Б.Султанов жаңа имаратта болып аймақ пуқаралары менен ушырасты.
Аўыл нураныйлары, белсендилери исленген жумысларға жоқары баҳа берип, аўылласының жайлы болғанына бирдей қуўанып, жаңа имарат ушын ақ пәтияларын берди.

Шаңарақ ийеси де бундай ғамқорлықлар ушын шексиз миннетдаршылығын ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги