Зорлық экстремизмине қарсы гүресиўде уйымлараралық бирге ислесиў күшейтиледи

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң «Орайлық Азияда зорлық экстремизминиң алдын алыў» регионаллық жойбары менен биргеликте зорлыққа қарсы гүресиў бойынша уйымлараралық жумысшы топардың мәжилиси болып өтти.
«Зорлыққа қарсы гүресиў бойынша уйымлараралық бирге ислесиўдеги ҳәрекетлер: ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўы, зорлық экстремизмине қарсы уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў» темасында өткен усы мәжилисте сенаторлар, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил, бир қатар министрлик-уйымлардың жуўапкерлери, сондай-ақ, Жаслар парламенти ағзалары қатнасты.

Додалаўда усы бағдардағы ең әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлықтың алдын алыў, жаслар менен системалы ислесиў, профилактика процесинде ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў және мәмлекетлик уйымлар арасындағы бирге ислесиў механизмлерин жетилистириў мәселелери көрип шығылды.
Сенат комитетиниң баслығы Орзигул Қозихонова әҳмийетли машқалалардан бири болған зорлыққа қарсы гүресиўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес структуралардың өз-ара муўапықластырылған ҳәрекети әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти. Бул процессте жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың қатнасын жеделлестириў, әсиресе, мәҳәлле дәрежесинде ерте профилактика илажларының нәтийжелилигин арттырыў зәрүр.

Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң баслығы Лайло Аслонова аймақларда жаслардың медиа саўатлылығын арттырыў, бар контентлерге сын көзқарастан пикир жүргизиў бойынша оқыў семинарларын өткериў усынысын билдирди.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылар алып барылып атырған жумысларды буннан былай да жақсылаў, тийисли нызамшылық ҳәм бирге ислесиў механизмлерин жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирди.
Ҳәр бир жумысшы топар ағзасының пикир-усынысларынан келип шығып, уйымлараралық жумысшы топардың жумыс режесиниң жойбарын ислеп шығыў белгиленди.
Н.Абдураимова, ӨзА