«Жайҳун» бир упайды қолға киргизди

263

Кеше Нөкис қаласында футбол бойынша Өзбекстан Про-лигасында 9-тур шеңберинде бир ойын болып өтти.

Онда республикамыздың «Жайҳун» клубы чемпионат аутсайдери Ферғананың «ФАРДУ» командасына қарсы ойынға түсип, өзлери ушын қымбатлы болған бир упайды қолға киргизди.

Атап айтқанда, ушырасыўдың 9-минутында «ФАРДУ» футболшысы Ибоджон Абелфайзов  «Жайҳун» дәрўазасына гол урып есапты ашқан болса, 77-минутта командамыз ҳүжимшиси Асадулла Қутыбаев пенальтиден есапты теңлестириўге еристи. Буннан соң ойында басқа есап өзгермеди ҳәм командалар өз-ара бир упайдан бөлисип алды.

Енди республикамыз командалары болған «Арал» ҳәм «Жайҳун» 23-24-июнь күнлери 10-турда Ташкенттиң «Локомотив» ҳәм «Олимпик-Мобиуз» клублары менен ойынға түседи.

Өткерилген кешеги ойыннан соң Нөкистиң «Арал» клубы 16 упай топлап, турнир кестесинде екинши, «Жайҳун» командасы болса, 9 упай менен 4-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы