GIZ ўәкили Қарақалпақстанда

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) ўәкили Бейт-Шорейт мийманда болды.
Ушырасыўда университеттиң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Тимур Нурымбетов GIZ шөлкеми менен бирге ислесиў нәтийжели жолға қойылғанын атап өтти. Соның ишинде, билимлендириў, илимий изертлеўлер, туризм, экологиялық турақлылық ҳәм санлы инновациялар тараўында әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарларға тоқтап өтти.
Сондай-ақ, проректор университет жәмәәти атынан GIZ шөлкемине терең миннетдаршылық билдирип, бул бирге ислесиў жас әўладты заманагөй билимлер менен қуралландырыўда әҳмийетли фактор болып атырғанына тоқтап өтти.

Буннан соң Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) ўәкили Бейт-Шорейт университет тәрепинен ислеп шығылып атырған жаңа жойбарлар менен жақыннан танысты.
Презентациялар даўамында бул жойбарлардың илимий ҳәм әмелий әҳмийетине айрықша тоқтап өтип, олардың заманагөй талапларға жуўап беретуғынын, регионаллық раўажланыўға унамлы тәсир көрсететуғынын ҳәм халықаралық тәжирийбе менен сәйкеслигин атап өтти.
Өткерилген бул ушырасыў университеттиң халықаралық көлемдеги абырайын арттырыў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги