Шегирткелерге қарсы қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Қарақалпақстан Республикасы аймағында зыянлы шегирткелердиң 150 ден аслам түри анықланған болып, солардан 3 түри зыянлы деп табылған. Зыянлы шегирткелер тийкарынан республикамыздың Мойнақ районы Аралбойы әтирапларындағы қамыслыкларда, Арал теңизи ултанындағы ҳәм Қызылқум шөллериндеги сексеўил майданларында, сондай-ақ республикамыздың дийқаншылық майданларына жақын болған партаў жер, коллектор дренажлардың жағаларында, жайлаўларда тарқалып зыян келтириўи мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәр жылы 80-90 мың гектар майданда зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиў жумыслары алып барылады.
– Ɵткен жылы Төрткүл, Беруний, Елликқала, Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Бозатаў, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында, жәми 88859 гектар майданда зиянлы шегирткелер тарқалды ҳәм оларға қарсы химиялық илажлар әмелге асырылып, аўыл-хожалығы ҳәм мәдений егинлерге қәўип салмай турып ѳз ўақтында қәўип қәтердиң алды алынды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Шегиртке ҳәм тут зыянкесине қарсы гүресиў хызмети бас агрономы Атабек Дaуков.
Зыянлы шегирткеге қарсы гүресиў мәўсимин сапалы өткериў ушын материаллық-техникалық база жаратылған болып, жанылғы ҳәм химиялық қураллар резерви топланған. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында химиялық қайта ислеў режелестирилип атырған 112 000 гектар майдан болып, 11 отряд шөлкемлестирилген. Қарсы гүреске тартылатуғын техникалардың жәми саны 115 дана.
Атап айтқанда, моторлы аспа қол бүркегишлери 81 дана, трактор бүркегишлери 19 дана, автомашинаға орнатылған УМО бүркегишлери 9 дана, суў тасыў техникасы 3 дана, суў тасыў тиркемеси 3 дана.
Қарақалпақстан Республикасында зыянлы шегирткелердиң раўажланыўы ҳәм тарқалыўына қолайлы 3 миллион гектардан аслам жер майданы бар. Өткен жылғы гүзги бақлаў нәтийжелерине бола 112 мың гектар жер майданында зыянлы шегирткелер тәрепинен мәйек қойылғаны анықланды.
Республикамызда шегирткелерге қарсы химиялық қайта ислеў жумыслары 14-май күнинен басланып, 16-июнь жағдайына бола жәми 32 мың 254 гектар майданда химиялық гүрес жумыслары алып барылды.

Зыянлы шегирткелердиң тарқалыўының алдын алыў, аўыл хожалығы егинлери, сексеўилзарлар ҳәм жайлаўлардың зыянланыўына жол қоймаў ушын барлық зәрүр илажлар көрилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги