Өзбекстанда санлы трансформация процесинде глобал технологиялық гигантлар менен бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Усы көзқарастан, Meta компаниясы менен жолға қойылған бирге ислесиў мәлимлеме қәўипсизлиги, санлы саўатлылық тараўларында әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Meta компаниясының Азия ҳәм Тыныш океаны регионы бойынша мәмлекетлик сиясат мәселелери бойынша вице-президенти Симон Милнер басшылығындағы делегацияның IT Park Uzbekistan’ға сапары Өзбекстанның санлы раўажланыў жолында халықаралық IT-экосистемаға интеграцияласыўын күшейтеди.
Сапар шеңберинде мийманларға IT Park’тиң жумысы, онда жаратылған экосистема, перспективалы жойбарлар ҳәм инвесторлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Буннан соң, делегация UzSoc орайы менен жақыннан танысты. Орайда мәлимлеме қәўипсизлиги, социаллық тармақлардағы мониторинг ҳәм басқа да бағдарлар бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтилди.
Сондай-ақ, мийманлар UZINFOCOM орайына барып, ол жерде санлы инфраструктура, мағлыўматлар орайлары ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында көрсетилип атырған хызметлер менен танысты.
Сапардың тийкарғы бөлиминде делегация санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов пенен ушырасты. Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары, контент сиясаты, жаслар потенциалын арттырыў, жасалма интеллект, санлы экономика ҳәм социаллық тармақларда қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Жуўмағында бул ушырасыў Меtа компаниясы ҳәм министрлик арасында ашық сөйлесиў ҳәм стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Н.Раҳмонова, ӨзА