Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги «Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң «Ашық бюджет» порталы иске түсирилген еди.
Бүгинги күни республикамыздың барлық аймақларының пуқаралары бул жойбарда қатнасып, жеңимпаз болған аймақлардың бир қатар машқалалары орынланып атыр.
Атап айтқанда, жойбар тийкарында даўыс бериў жуўмағы менен ең көп даўыс топлаған 8 жойбардан Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны бойынша 4 жойбар женимпаз деп табылды ҳәм аймақта жол қурылысы жумыслары баслап жиберилди.
Соннан жыйын орайынан Қарамойын аўылына шекемги 11-13 км аралығына, Өтеген аўылына шекемги 9-11 км, Ферма аўылына шекемги 3-7 км ҳәм Қарамойын аўылына шекемги 13-15 км аралығына «DANIYAR AVTO SERVIS» жәмийети жолшылары тәрепинен қурылыс оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
-Ҳүрметли Президентимиздиң қарары тийкарында иске түсирилген «Ашық бюджет» порталы халқымыз ушын оғада жақсы болды,-дейди Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Еркинбай Хожамбергенов.-Өткен жылы да аўылымыз турғынлары усы портал арқалы жеңимпаз болып, Шарўа аўылға баратуғын 2 км жолымыз асфальтланған еди. Быйыл және усы қурылыс жумыслары даўам етип, қалған жолларымыз да оңланып атыр. Буның ушын Президентимизге, республика ҳәм район басшыларына үлкен рахмет айтамыз.
Бул қурылыс ислери усы жылдың июль айында жуўмақланыўы режелестирилген ҳәм ҳәзирги күнлери оңлаў жумыслары қызғын алып барылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы