Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен аймақларда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде исбилерменлер менен ашық пикирлесиўлер шөлкемлестирилмекте.

Усындай гезектеги ушырасыў Беруний районында өткерилди,- деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими. Онда район исбилерменлери ҳәм салық уйымларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда Салық басқармасы басшылары тиккелей сөйлесиў түринде исбилерменлер менен ушырасып, оларды қызықтырған сораўларға жуўап берди. Киши ҳәм орта бизнес субъёектлерин қоллап-қуўатлаў, оларға жаратылған жеңилликлер ҳәм салық жеңилликлери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, салық уйымлары тәрепинен жасырын экономикалық жумыслардың алдын алыў, рәсмий емес исбилерменликти нызамлы майданға алып шығыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етилди.

Бундай сөйлесиўлер исбилерменлер менен ашық ҳәм нәтийжели байланыс орнатыў, олар дус келип атырған машқалаларды үйренип, әмелий шешимлер ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги