Арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди

Елликқала районында халық ушын зәрүр болған азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин мүнәсип баҳаларда усыныў мақсетинде арнаўлы арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди. Бул ярмарка район ҳәкимлигиниң басламасы ҳәм әмелий жәрдеми менен әмелге асырылмақта, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Ярмарка Елликқала дийқан базары аймағында өткерилмекте. Бул жерде район аймағында жумыс алып барып атырған фермер ҳәм дийқан хожалықларына өзлери жетистирген барлық түрдеги аўыл хожалығы, бағшылық, овощ ҳәм палыз өнимлерин тиккелей тутыныўшыға жеткериў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратып берилди.

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм өним жетиспеўшилигиниң алдын алыў мақсетинде турақлы мониторинг алып барылып атырғанын атап өтиў керек.
Сондай-ақ, ярмарка саўдасында қатнасып атырған исбилерменлер қадағалаў-касса машиналары ҳәм төлем терминалларынан белсене пайдаланбақта. Санитария талаплары, соның ишинде, карантин қағыйдаларына әмел етилиўи қатаң қадағалаўға алынған.
Бундай ярмаркалар халықтың талабын қанаатландырыў, исбилерменлерге жаңа базар имканиятларын жаратыў ҳәм жергиликли экономиканы раўажландырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги