Балалардың бос ўақытлары мазмунлы өтпекте

Бир неше күннен берли даўам етип атырған «Әҳмийетли 90 күн» жойбары шеңбериндеги илажлар Қанлыкөл районындағы Жайхун мәҳәллесинде де болып өтти.
Мақсет – жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, руўхый-ағартыўшылық ҳәм физикалық раўажланыўына жәрдем бериўден ибарат.
Мәҳәлледе оқыўшылардың шахмат-шашка ҳәм стол тенниси спорт түрлеринен жарыслары шөлкемлестирилди.
Усындай илаж райондағы Сары алтын аўыл пуқаралар жыйынында да өткерилди.
Усы аймақта жайласқан 2-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде “Әҳмийетли 90 күн” жойбарына тийкарланып, балалардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериў, дене шынығыўларын өткерип спорттың гимнастика түрине қызықтырыў мақсетинде тәрбияланыўшы қызлар арасында “Көркем гимнастика” атамасында таңлаў өткерилди.


Таңлаў даўамында тәрбияланыўшылар гимнастика бойынша өз шеберлигин көрсетип, олар ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги