Пән олимпиадалары оқыўшыларды және бир мәрте сынақтан өткерди

287

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, олимпиада мектеби ҳәм Қоңырат районы  ҳәкимлиги менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплериниң 7-8-класс оқыўшылары арасында математика ҳәм химия пәнлеринен өз алдына, 9-11-класс оқыўшылар арасында математика пәнинен “Қоңырат районы Ҳәким олимпиадасы” өткерилди.

Бул олимпиадаға 240 тан аслам 7-11-класс оқыўшылары қатнасып, өз билимлерин сынақтан өткерди.




Олимпиада жуўмағында 7-8-класс оқыўшылары арасында математика пәнинен Нөкис қаласындағы 2-санлы қәнигелестирилген мектептиң 8-класс оқыўшысы Ф.Умирбаев биринши, Қоңырат районындағы 43-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы С.Муратбаев екинши, Қәнигелестирилген  мектептиң 7-класс оқыўшысы О.Мамутов үшинши орынды ийеледи.


Ал, физика пәнинен 1-орынды Қоңырат районындағы 33-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы А.Сәрсенбаев, 2-орынды Елликқала районындағы 5-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы М.Бегмаметова, 3-орынды Нөкис қаласындағы 45-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы А.Қурбаниязовлар  ийелеген болса, 9-11-класс оқыўшылары  арасында математика пәнинен 1-орын Нөкис қаласындағы 2-санлы қәнигелестирилген мектептиң 10-класс оқыўшысы С.Сапарбаев, 2-орын Қоңырат районындағы 4-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Ж.Куўатова, 3-орын усы  райондағы 33-санлы  мектептиң 10-класс оқыўшысы И.Назеровларға берилди.

Жеңимпаз оқыўшылар Қонырат районы ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги