Хорезм ўәлаяты Хийўа қаласында улыўма билим бериў мектеплериниң 8-10-классларының оқыўшылары арасында «Жаслық спорт жәмәәтлери» спорт жарысларының республикалық финал басқышы болып өтти.

Жарыста Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген командалар өз-ара күш сынасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, ул балалар ҳәм қызлар командалары арасында өзлериниң барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған, Қарақалпақстан Республикасы командасы биринши орынды ийелеўге еристи.

Ул балалар арасында өткерилген жарыста 2-3-орынларды Сырдәрья ҳәм Ферғана ўәлаятлары командалары қолға киргизген болса, қызлар арасында Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының жаслары ийеледи.

Жарыста жеңимпаз командалар ҳәм олардың тренерлери менен биргеликте ойынларды әдил басқарған төрешилерге Өзбекстан «Ёшлик» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Орайлық кеңесиниң естелик саўғалары тапсырылды.

Жеңимпаз командаларымызды жарысқа Гүлжәҳан Қалмуратова ҳәм Сергей Шакировлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы