Президентимиз бир қатар тараўлардағы машқалаларды таллап, олардың шешимлерин көрсетип өтти.

307

Жыл басынан 867 «аўыр» категориядағы мәҳәллеге суў шығарыў ушын 1,4 триллион сум берилди. Оның есабынан 662 мың шаңарақтағы  улыўма 80 мың гектар қыйтақ жерге 25-30 жыл ишинде биринши мәрте суў жетип барды.

Бирақ дәраматлы егин егип, 2-3 мәрте зүрәәт алыў үйретилмей атырғаны атап өтилди.

“Қыйтақ жерге суў жеткериў ушын жумсалған 1 сум есабынан кеминде 2-3 сумлық өним жаратылса, 662 мың шаңарақ мәўсимде қосымша 5-6 миллион сум дәрамат көреди!”

– деди мәмлекетимиз басшысы.

Мысал ушын, Қарақалпақстандағы 89 мәҳәллеге 150 миллиард сум берилген. Жуўапкерлерге бул мәҳәллелерде қыйтақ жерден 350-400 миллиард сумлық қосымша өним алыў бойынша система жаратыў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги