Аўыл хожалығы мәмлекетимиз экономикасының тийкарғы тармақларынан бири болып, бул тараўды модернизациялаў, диверсификациялаў, тараўға инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм пайда алыўды гөзлегенлерди қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгиленген.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў, бар имканиятлар ҳәм мәселелерди үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң экономика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша орынбасары И.Қурбоновтың басшылығындағы жумысшы топар Тахтакөпир районында болды.

Тахтакөпирде әсиресе, көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестирген исбилерменлердиң хызметлери дыққатқа ылайық. Атап айтқанда, Қараой аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “KAUSAR TEGIRMON” ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 32 миллиард сумлық мал шарўашылығын раўажландырыў ҳәм сүтти қайта ислеўге байланыслы ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта кәрхананың мал шарўашылық комплексинде 120 бас затлы қара мал тәрбияланбақта. Соның менен бирге, сүтти қайта ислеў жойбары да иске қосылып, 7 пуқараның турақлы жумыс пенен тәмийинлениўи әмелге асырылды.

Сондай-ақ, усы жәмийет тәрепинен баҳасы 878 мың АҚШ долларына тең болған “Жүнди қайта ислеў” жойбары әмелге асырылмақта. Бул жойбар усы бағдардағы дәслепки санаат басламаларынан бири болып, келешекте жергиликли халықтың жумыс пенен тәмийинлениўин арттырыўға хызмет етиўи күтилип атырғанын атап өтиў керек.

Исбилермен, сондай-ақ, дән ҳәм дән өнимлерин қайта ислеў бойынша заманагөй ири завод қурыўды да режелестирген. Ҳәзирги ўақытта завод ушын сырт елден алып келинген алдыңғы технологияларды орнатыў жумыслары басланған.

Жумысшы топар сапар даўамында “Тахтакөпир нан өнимлери” ЖШЖ хызмети менен де жақыннан танысты. Бул жерде гүзге шекем туқымлық бийдайды тазалаў, сайлап алыў ҳәм дәрилеў процесслери жолға қойылады.

Бул жойбар ушын “Бизнести раўажландырыў банки” тәрепинен 108,7 мың АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратылған болып, усы қаржылардың есабынан Түркия технологиялары тийкарында заманагөй линиялар орнатылыўы режелестирилген.

Сапар даўамында Иномжон Қурбонов ҳәм жуўапкер хызметкерлер исбилерменлер менен сәўбетлесип, олардың жумысында ушырасып атырған мәселелерди үйренип шықты ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелий илажларды белгилеп алды.

Аўыл хожалығында бундай жойбарлардың көбейиўи аймақлар экономикасының раўажланыўына, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигиниң беккемлениўине хызмет ететуғыны сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги