Аўыл хожалығы министрлиги, Жәҳән банки ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты менен биргеликте Нөкис қаласындағы “Ақ қуў” комплексинде “Өзбекстанда климат өзгериўи жағдайында ақыллы аўыл хожалығы” атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, тийисли министрликлердиң ўәкиллери, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт елли экспертлер ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты қәнигелери қатнасты.

Семинарда климат өзгериўине бейимлесиў, ақыллы аўыл хожалығы әмелиятлары ҳәм Аралбойында агро-экосистема жаратыў мәселелери додаланды.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары А.Шукуров, Жәҳән банкиниң аўыл хожалығы бойынша үлкен экономисти Др.Пиерре Гербер, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының директоры профессор Ш.Намазов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, семинардың әҳмийети, бүгинги күнде әмелге асырылыўы керек болған илажларға тоқтап өтти.

Семинарда климат өзгериўин жумсартыў ҳәм Аралбойы аймақларының экологиялық турақлылығын тиклеўге қаратылған илимий изертлеўлер ҳаққында баянатлар исленди.

Бул семинар арқалы бүгинги күндеги климат өзгериўи тек ғана аўыл хожалығына емес, ал базар экономикасына, сол аймақта жасап атырған инсанлардың саламатлығына, топырақ, климат өзгериўи арқалы аймақтың экологиясына да үлкен тәсир ететуғыны айрықша атап өтилди.



Климат өзгериўин жумсартыў ҳәм Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тиклеў бойынша илимий изертлеў институтлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери бүгинги күндеги алып барылып атырған изертлеўлерге сүйенген ҳалда алып барылып атырған илимий жумыслар ҳаққында қатнасыўшыларға өз баянатларын усынды.

Семинар шеңберинде қатнасыўшылар ушын Мойнақ ҳәм Арал теңизи тарийхы музейине саяхат шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги