Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов питкериўши жасларға мийнет базарындағы бар имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат бериў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўде әмелий жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, олардың басламаларын тыңлаў ҳәм машқалаларына шешим табыў мақсетинде, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының питкериўши жаслары менен ушырасты.
Илажға институт ректоры Қ. Қадиров басшылығындағы институт проректорлары, барлық факультет деканлары, декан орынбасарлары, тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм питкериўши студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда Ф. Эрманов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февралдағы ПҚ-61-санлы “Жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жумысқа орналасыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди.
Бул қарар, бәринен бурын, питкериўшилердиң мийнет базарына сәйкес түрде таярланыўын, олардың қәнигелиги бойынша жумысқа орналасыўын системалы жолға қойыўды нәзерде тутады. Ушырасыўда усы қарар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында бул бағдардағы әмелий илажлар айрықша атап өтилди.
Буннан соң, студент-жаслар тәрепинен өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

-Сораўлар тийкарынан, питкериўшилердиң жумыс пенен бәнтлиги, бос жумыс орынлары, жумыс бериўшилер менен байланыслар, исбилерменлик жумысын баслаў имканиятлары, мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер, сондай-ақ, социаллық қорғаў мәселелерине қаратылды,-дейди институттың Мәлимлеме хызмети баслығы Ислам Матеков.-Ушырасыўда тараў қәнигелери, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери жаслардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берип, бар имканиятлар ҳәм бағдарламалар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Илаж соңында Ф. Эрманов питкериўши жасларға исеним билдирип, оларды белсенди, пидайы болыўға шақырды. Сондай-ақ, ҳәр бир жастың бәнтлиги ҳәм келешеги мәмлекет итибарында екенин, бул бағдарда барлық зәрүр илажлар көрилип атырғанын атап өтти.
Бул ушырасыў студент-жаслар ушын тек ғана мотивациялық руўх емес, ал, әмелий жақтан пайдалы болған пикирлесиў майданына айланды. Ушырасыў даўамында билдирилген усыныс ҳәм мүрәжатлар бойынша жуўапкер шөлкемлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги